Telegram karinform

Жәмийет

  • 01.04.2021 14:18
  • 1051

Бүгиннен баслап айырым шеклеўлер орнатылады

Бүгиннен баслап айырым шеклеўлер орнатылады
Бирнеше тараў қәнигелери ҳәм жетекши илимпазлардың усынысларын есапқа алып, Республикалық арнаўлы комиссия соңғы ўақытта Ташкент қаласы ҳәм Ташкент ўәлаятында коронавирус инфекциясы менен наўқасланыў жағдайларының артқаны себепли елимизде кескин эпидемиологиялық жағдай жүзеге келиўиниң алдын алыў мақсетинде төмендеги усынысларды мақуллады:

Усы жылдың 1-апрелинен баслап Өзбекстан Республикасы аймағында:

- тойханаларда шаңарақлық байрам, той, мереке ҳәм мәресимлерди өткериўде кеселлик тарқалыўының алдын алыў мақсетинде санитариялық-эпидемиологиялық қадағалаўды күшейтиў және келиўшилердиң санын 100 адамнан көп болмаған ҳалда өткериў;

Театр, кино (кинотеатр) ҳәм концерт-тамаша бағдарламаларын шөлкемлестриўде:

- тамаша бағдарламалары өткерилетуғын сарайларға келиўши тамашагөйлер және хызмет көрсетиўши хызметкерлердиң қатаң түрде нықапта (маскада) болыўын тәмийинлеў;

- тамаша бағдарламалары өткерилетуғын сарайлардың тамашагөй сыйымлылығын есапқа алған ҳалда тамашагөйлер санын 50 проценттен көбейтпеў;

- тамаша бағдарламалары өткерилетуғын сарайлардың тамашагөйлер орынларынан ара қашықлықты сақлаған ҳалда пайдаланылыўын тәмийинлеў;

- тамаша бағдарламалары өткерилетуғын сарайларда саўда шақапшаларының жумысларын тоқтатыў (нықап ҳәм антисептик саўдасы буған кирмейди);

- тамаша бағдарламалары бойынша тарқатылып атырған (сатылып атырған) билетлерге «Тек саламат болсаңыз ғана келиң» жазыўын жазыў арқалы халықты сергекликке шақырыў ҳәм басқа тамашагөйлерге кеселлик жуғыўының алдын алыў илажларын көриў;

- тамаша бағдарламалары өткерилетуғын сарайлардың кириў бөлимине тамашагөйлердиң имаратқа тәртипли кириўин тәмийинлеў мақсетинде арнаўлы ленталар жәрдеминде бир қатарлы кириў ҳәм шығыў жолларын орнатыў тәртиби белгиленди.

Тамаша бағдарламалары өткерилетуғын сарайларда карантин қағыйдаларына әмел етилиўин тәмийинлеў бойынша жуўапкершилик шөлкемлесиўшилерге жүкленеди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Уқсас жаңалықлар

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Өзбекстан гидрометеорология хызмети агентлиги 17-апрель күни ушын ҳаўа-райы прогнозын жәриялады. Мәлим етилиўинше, ертең, 17-апрель күни Республиканың...