Telegram karinform

Жәмийет

  • 01.04.2021 17:20
  • 862

Қарақалпақстанның «Даўыт ата» шегара бажыхана постында не ушын автотранспорт қуралларының тығызлығы жүзеге келген?

Қарақалпақстанның «Даўыт ата» шегара бажыхана постында не ушын автотранспорт қуралларының тығызлығы жүзеге келген?
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Қорғаныў ҳәм қәўипсизлик мәселелери комитети Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасына қараслы «Даўыт ата» шегара бажыхана постында жүзеге келген автотранспорт қуралларының тығызлығы бойынша жағдайды үйренди.

Үйрениў нәтийжесинде «Даўыт ата» шегара бажыхана посты арқалы кириў ҳәм шығыў жөнелисинде ҳәрекетленген автотранспорт қуралларының ағымы төмендеги факторлар себепли көбейгенлиги анықланған:

- пандемия шараятында Түркменстанда карантин илажларының күшейтилгени ҳәм Түркменстан аймағы арқалы транспорт қуралларының ҳәрекетлениўи шекленгенлиги себепли автотранспорт қураллары «Өзбекстан-Қазақстан-Россия-Грузия-Түркия» жөнелисинде ҳәрекетленбекте;

- қыс мәўсиминде ҳаўа температурасының кескин түсип кетиўи ақыбетинде Қазақстанның Ақтөбе областы Иргиз аўылы арқалы өтетуғын жолдың музлаўы, сондай-ақ, Россияның қубла областьларында жүкти жеткерип бериўши тасыўшылар ушын «Даўыт ата» шегара бажыхана посты арқалы ҳәрекетлениў қолайлы болмақта (аралықтың қысқалығы ҳәм жол қәрежетлериниң аз болыўы);

- Өзбекстан ҳәм Түркия мәмлекетлери арасында қол қойылған келисимге муўапық, сыртқы саўда жүклерин тасыўшы тәреплер автотранспорт қураллары ушын қолайлық ҳәм жеңилликлер жаратылғаны себепли Түркия мәмлекети аймағы арқалы Өзбекстан тасыўшыларының ҳәрекетлениўи көбейген.

Атап өтилиўинше, Өзбекстан аймағына кирип киятырған автотранспорт қураллары бажыхана постында белгиленген мүддетлерде бажыхана тексериўинен өткерилмекте.

Өз гезегинде, өзбек-қазақ мәмлекетлик шегарасында жүзеге келип атырған тығызлықты сапластырыў мақсетинде Қазақстан тәрептегилер менен Мәмлекетлик бажыхана комитети басшылары дәрежесинде ҳәр ҳәптеде, жуўапкер басқармалары дәрежесинде ҳәр күни, бажыхана посты дәрежесинде ҳәр еки саатта сәўбетлесиўлер орнатылып, бир-бирине жәрдемлескен ҳалда оперативлилик пенен орын алып атырған машқалалар шешилмекте.

Сенаттың Қорғаныў ҳәм қәўипсизлик мәселелери комитети өзбек-қазақ мәмлекетлик шегарасында жүзеге келип атырған тығызлықты сапластырыў бойынша алып барылып атырған жумысларды қадағалаўға алған.

Мағлыўмат ушын, социаллық тармақларда «Даўыт ата» шегара бажыхана постында автотранспорт қуралларының бирнеше километрге шекем созылған тығызлығы жүзеге келгени сәўлеленген видеокөринислер тарқалған еди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

        Германияда адамлар өлгеннен кейин келешекте қайта тирилиўи ушын денелерин ўақтынша музлатып қойыў хызмети иске түсти.