
Бас прокуратура жанындағы Департаменттиң Елликқала районлық бөлими ҳәм МХХның Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен өткерилген оператив илажда райондағы «Қ» ММТП баслығы Қ.С. пуқара Ф.ның исенимине кирип, оған «Қырққыз абад» АПЖ аймағынан автомобильлерге техникалық хызмет көрсетиў шақапшасын қурыў ушын тийисли шөлкемлерден рухсат алып бериўди ўәде етип, 1 000 АҚШ долларын алдаўшылық жолы менен алған ўақтында айғақлы дәлиллер менен усланды.
Усы жағдай бойынша Қ.С.ға Жынаят кодексиниң 168-статьясы (алдаўшылық) ҳәм 28-, 211-статьялары менен жынаят иси ашылып, тергеў ҳәрекетлери өткерилмекте.
Ислам Матеков.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz