Telegram karinform

Жәмийет

  • 05.04.2021 16:26
  • 906

Кегейли районы ҳәкимлиги мектеп оқыўшылары машқаласына бийпарқ болмады

Кегейли районы ҳәкимлиги мектеп оқыўшылары машқаласына бийпарқ болмады
«Kun.uz» басылымының Қарақалпақстан жаңалықлары каналында Кегейли районындағы 35-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң оқыўшылары өз аймағынан 6 км узақлықта жайласқан мектепке жаяў ҳәм ешек пенен қатнап атырғаны бойынша видеоматериал жәрияланған еди.

Бул жағдай район ҳәкимлиги тәрепинен үйренип шығылды.
Кегейли районы ҳәкимлиги мектеп оқыўшылары машқаласына бийпарқ болмады
Район ҳәкимлиги мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, Кегейли районы ХББге қараслы 35-санлы улыўма орта билим бериў мектебине Бозатаў районы «Еркиндәрья» АПЖға қараслы «Отар» аўылынан жәми 11 оқыўшы ҳәм мектепке алыс аймақлардан 6 оқыўшы билим алыў ушын қатнайды.

Бул оқыўшыларыдың машқалаларына унамлы шешим табыў мақсетинде бүгин Кегейли районы ҳәкимлиги тәрепинен мектеп оқыўшыларына жәми 17 велосипед тапсырылды.
Кегейли районы ҳәкимлиги мектеп оқыўшылары машқаласына бийпарқ болмады
Соның менен бирге, район ҳәкими Д.Утемуратов усы орынның өзинде аймақтағы пуқаралар менен ушырасып, олардың пикир ҳәм усынысларын тыңлады, олардың унамлы шешим табыўы ушын жуўапкерлерге тийисли тапсырмалар берди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Уқсас жаңалықлар

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

      9-апрель күни саат 22:08 де Қарақалпақстан Республикасы, Төрткүл районы «Аққамыс» АПЖ аймағынан өткен А-380 магистрал

Қытайда шаңарақларға үшинши перзент туўылғаны ушын 10 жыл даўамында напақа төлеп барылады

Қытайда шаңарақларға үшинши перзент туўылғаны ушын 10 жыл даўамында напақа төлеп барылады

Қытай ҳүкимети туўылыў дәрежесин арттырыў мақсетинде финанслық төлемлер ҳәм аналарға бийпул сүт бериў арқалы хошаметлеў илажларын...

Тәбият қойнында айланыў көриў қәбилетин жақсылайды

Тәбият қойнында айланыў көриў қәбилетин жақсылайды

        Алымлар ашық ҳаўада дем алыў балаларда миопи қәўипин кемейтириўин анықлады. Тайванлы изертлеўшилер жақын аралықтағы еки