Telegram karinform

Жәмийет

  • 06.04.2021 10:23
  • 823

Қарақалпақстан Республикасының Конституциясы баспадан шықты

Қарақалпақстан Республикасының Конституциясы баспадан шықты
Елимизде әмелге асырылып атырған демократиялық реформалардың баслы ҳуқықый тийкары, инсан ҳуқық ҳәм еркинликлериниң исенимли қорғалыўының кепили болып есапланған Қарақалпақстан Республикасының Конституциясы 1993-жыл 9-апрель күни қабыл етилип, бүгинге дейин бир неше мәрте өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилип, жетилистирилип келинбекте.

Атап айтқанда, 2021-жыл 12-февраль күни өткерилген Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң он бесинши сессиясында “Қарақалпақстан Республикасының Конституциясына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамы қабыл етилип, усы нызам тийкарында Конституцияға бир қатар өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилген еди.

Мәселен, Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының «Биринши тараў», «Екинши тараў», «Үшинши тараў», «Төртинши тараў», «Бесинши тараў» ҳәм «Алтыншы тараў» деген сөзлердеги «тараў» сөзи «бөлим» сөзи менен, 2-статьясындағы, 15-статьяныӊ екинши бөлиминдеги ҳәмде 36-статьясы текстиндеги «адамлар» деген сөз «шахслар» деген сөз бенен алмастырылды. 70-статьяның 11-бәнти, сондай-ақ, 103 ҳәм 104-статьялар алып тасланды.

Қарақалпақстан Республикасының Конституциясы қабыл етилгенлигиниң 28 жыллығы мүнәсибети менен “Qaraqalpaqstan” баспасы тәрепинен басып шығарылған Қарақалпақстан Республикасының Конституциясында әне усы сыяқлы өзгерислер ҳәм қосымшалар сәўлеленген.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Өзбекстан гидрометеорология хызмети агентлиги 17-апрель күни ушын ҳаўа-райы прогнозын жәриялады. Мәлим етилиўинше, ертең, 17-апрель күни Республиканың...

Қарақалпақстанда ерлер көп пе ямаса ҳаяллар?

Қарақалпақстанда ерлер көп пе ямаса ҳаяллар?

    Қарақалпақстан Республикасы статистика комитетиниң берген мағлыўматына бола, 2025-жылдың 1-апрель жағдайына Қарақалпақстан Республикасының турақлы халқының саны