Telegram karinform

Жәмийет

  • 06.04.2021 13:59
  • 1243

Нөкисте пуқара еки адамды пышақлады. Олардың бири қайтыс болды

Нөкисте пуқара еки адамды пышақлады. Олардың бири қайтыс болды
Усы жылдың 2-апрель күни Қонырат районында жасаўшы, 2000-жылы туўылған У.Т. (еркек) Нөкис қаласы 22-киши районы аймағында жайласқан 36-санлы мектеп жанында танысы, Қарақалпақ мәмлекетлик университети студенти, 2001-жылы туўылған С.С. (қыз) тиң арқа тәрепине өзи менен алып келген хожалық пышағы менен үш мәрте урған. Сондай-ақ, сол жерде болған, 2002-жылы туўылған Т.А. (еркек) ға да сол пышақ пенен бир неше мәрте урып, жарақат жеткерген. Өзи ўақыя орнынан қашып кеткен. Бул ҳаққында ҚР Прокуратурасы хабар берди.

Ўақыя ақыбетинде пуқаралар С.С. ҳәм Т.А. аўыр аўҳалда емлеўханаға жатқарылған.

Бирақ, көрсетилген медициналық жәрдемге қарамастан пуқара С.С. 3-апрель күни емлеўханада қайтыс болған.

Ўақыя бойынша Нөкис қалалық прокуратурасы тәрепинен 2-апрельде ӨзР Жынаят кодексиниң 97-статьясы 2-бөлими «а» бәнти тийкарында жынаят иси ашылып, пуқара У.Т. Жынаят-процессуал кодексиниң 221-статьясы тәртибинде усланған.

Оған Жынаят ислери бойынша Нөкис қалалық судының 3-апрельдеги уйғарыўына тийкарланып «қамақ» шарасы қолланылған.

Ҳәзирги ўақытта дәслепки тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған