Telegram karinform

Жәмийет

  • 07.04.2021 13:12
  • 917

Қоңыраттағы мектепке Президент саўғасы – «Spark» автомобили тапсырылды

Қоңыраттағы мектепке Президент саўғасы – «Spark» автомобили тапсырылды
Бүгин, 7-апрель күни «Бир миллион программист» жойбары шеңберинде питкериўшилер саны жоқары көрсеткишлерге ийе болған Қарақалпақстан Республикасы Қоңырат районындағы 39-санлы улыўма билим бериў мектебине Президент саўғасы – «Spark» автомобили тапсырылды. Бул ҳаққында «Xabar.uz» сайты хабар берди.

Илажға ӨзР Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларды раўажландырыў министри Шуҳрат Содиқов, ӨзР Халық билимлендириў министри Шерзод Шерматов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Атабек Давлетовлар қатнасты.
Қоңыраттағы мектепке Президент саўғасы – «Spark» автомобили тапсырылды
Өткерилген илажда Президент саўғасы – «Spark» автомобили 39-санлы улыўма билим бериў мектебиниң директоры Сейткамал Ешмуратовқа тапсырылды.

Буннан соң илаж қатнасыўшылары мектеп турмысы менен жақыннан танысты. Әсиресе, мектептиң информатика бөлмесинде оқыўшылар менен ушырасыў қызғын өтти. Оқыўшылар усы мектептиң сайтын да өзлери ислегенин атап өтти.
Қоңыраттағы мектепке Президент саўғасы – «Spark» автомобили тапсырылды
Қоңыраттағы мектепке Президент саўғасы – «Spark» автомобили тапсырылды
Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен турмысқа енгизилген, ӨзР Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларды раўажландырыў министрлиги және Бирлескен Араб Әмирликлериниң «Dubai Future Foundation» фонды тәрепинен Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги және ӨзР Халық билимлендириў министрлиги менен биргеликте әмелге асырылып киятырған «Бир миллион программист» жойбарын келешек ушын тасланған әҳмийетли стратегиялық қәдем сыпатында баҳалаў мүмкин.

Усы жылдың март айының жуўмағы бойынша Өзбекстан көлеминде uzbekcoders.uz порталы арқалы дизимнен өтип, «Бир миллион программист» жойбары шеңберинде оқып атырғанлардың саны улыўма 200 мың адамнан өтип кетти. Соннан 81 мыңы қатнасыўшы ҳәм 50 мыңнан асламы питкериўши сертификатын қолға киргизди.

Аймақлар кесиминде усы портал арқалы дизимнен өткенлер саны бойынша Наўайы ўәлаяты (36 600 адам), Қарақалпақстан Республикасы (27 574 адам) ҳәм Ташкент қаласы (25 572 адам) жетекшилик етпекте.

Жойбар қатнасыўшыларының 67,2% и улыўма билим бериў мектеплериниң оқыўшылары болып табылады.

Жойбар шеңберинде портал арқалы ең көп дизимнен өткен мектеп оқыўшылары арасында Наўайы ўәлаяты, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Наманган ўәлаятындағы улыўма билим бериў мектеплери ең белсенди мектеплер қатарынан орын алған.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

        Президент тапсырмасына бола, автомобиль жолларында ҳәрекетлениў тәртибин буннан былай да жетилистириў, айдаўшыларға қосымша қолайлықлар жаратыў

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

      9-апрель күни саат 22:08 де Қарақалпақстан Республикасы, Төрткүл районы «Аққамыс» АПЖ аймағынан өткен А-380 магистрал

Президент пәрманы менен 488 шахс әпиў етилди

Президент пәрманы менен 488 шахс әпиў етилди

        Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев мүбәрек Рамазан ҳайыты қарсаңында халқымызға тән жақсылық, кеңпейиллик, адамгершилик, мийрим-шәпәәт