Telegram karinform

Жәмийет

  • 15.04.2021 13:17
  • 1042

Нөкисте үш орында қурылатуғын жаңа мешитлердиң ирге тасы қаланды

Нөкисте үш орында қурылатуғын жаңа мешитлердиң ирге тасы қаланды
14-апрель күни пайтахтымыз Нөкис қаласындағы «Қум аўыл», «Алланияз қаҳарман» ҳәм «Саманбай» мәкан пуқаралар жыйынлары аймағында жаңадан қурылатуғын мешитлердиң ирге тасы қаланды.

Жаңадан қурылыўы белгиленген мешитлердиң қазықларын қағыў илажына ҚР Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Э.Дурдиев, Нөкис қаласы ҳәкими У.Панаев, Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының қазысы Ш.Бауаддинов, белгили уламалар, нураный ақсақаллар ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты. Бул ҳаққында «Paziylet.uz» сайты хабар бермекте.
Нөкисте үш орында қурылатуғын жаңа мешитлердиң ирге тасы қаланды
Илажда мүбәрек Рамазан айында жаңадан қурылысы басланып атырған мешитлердиң қурылыс жумысларының тез күнлерде, сапалы болып питиўи, мөмин-мусылманлардың усы мешитлерде еркин ибадат етилиўин Аллаҳ тааладан сорап, дуўалар оқылды.
Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, ҳәзирги ўақытта Қарақалпақстанда улыўма 54 мешит, соннан Нөкис қаласында 4 мешит жумыс алып барып атырған болып, жаңа мешитлердиң пайдаланыўға тапсырылыўы менен олардың саны пайтахымыз бойынша жетиге жетеди.

Өткен жылы Мойнақ районында «Ҳәким ата» мешити, ал быйылғы жылы Нөкис қаласында «Муҳаммад Бахий ийшан», Қоңырат районында «Молла Исҳақ» ҳәм Мойнақ районында «Қарақум ийшан» мешитлери өз жумысын баслады.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының мәлим етиўинше, жергиликли ҳәкимият, тийисли шөлкем ҳәм қурылыс мәкемелериниң келисими менен республикамызда 15 мешиттиң ашылыўына рухсат алынған.

Нөкисте үш орында қурылатуғын жаңа мешитлердиң ирге тасы қаланды
«Қум аўыл» МПЖ аймағында қурылатуғын мешит

Нөкисте үш орында қурылатуғын жаңа мешитлердиң ирге тасы қаланды
«Алланияз қаҳарман» МПЖ аймағында қурылатуғын мешит

Нөкисте үш орында қурылатуғын жаңа мешитлердиң ирге тасы қаланды
«Саманбай» МПЖ аймағында қурылатуғын мешит

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

        Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index  (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет