Telegram karinform

Жәмийет

  • 15.04.2021 16:33
  • 1176

Сенат Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан басқармасы бойынша жағдайды өз қадағалаўына алды

Сенат Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан басқармасы бойынша жағдайды өз қадағалаўына алды
Олий Мажлис Сенатының Суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў комитети Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы хызметкерлериниң коррупция ҳәм басым өткериў жағдайлары бойынша Бас прокурорға жазған шағымын қадағалаўға алғанын мәлим етти. Бул ҳаққында «Kun.uz» басылымы хабар берди.

Сенаторлар МОБтың Қарақалпақстан Республикасы басқармасы хызметкерлери атынан Бас прокурорға жолланған шағым хатты үйрениў нәтийжелери бойынша билдириў берилмегенине итибар қаратып:

«Өз гезегинде, усы жағдай Бас прокуратура тәрепинен қадағалаўға алынған жағдайда үйренип шығылыўы ҳәм нәтийжеси бойынша рәсмий билдириў жәрияланыўы соралады», - деп келтирип өткен.

Мағлыўмат ушын, бир неше күн алдын МОБ Қарақалпақстан Республикасы басқармасының хызметкерлери басқармада таныс-билисшилик, ағайин-туўысқанлық, коррупция ҳәм басым өткериў жағдайларының көбейгенинен наразылық билдирип, Жоқарғы Кеңес Баслығы ҳәм Бас прокурорға арза жазған еди.

Хызметкерлер айырым район бөлим баслықларының прокуратурадағы танысларына исенип, жумысқа қәлесе келип, қәлесе келмеўи, жумыс ўақтында алкогольли ишимликлер ишиўи, интизамлы жаза алған болса да танысының күши менен мәртебели дәрежелер алғанын билдирген ҳәм Бас прокурордың жеке қадағалаўы астында тексериў өткерип, системаны «тазалаў»ды өтиниш еткен.

Буннан соң МОБ баспасөз хызмети бюроның орайлық аппараты жуўапкер хызметкерлери тәрепинен мүрәжатта келтирилген ҳәр бир факт бойынша үйрениў жумыслары басланғанын жәриялаған еди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында