Telegram karinform

Жәмийет

  • 20.04.2021 16:30
  • 1250

Қоңыратта жол-патруль инспекторы ҳәм пуқара арасында келип шыққан жәнжел бойынша рәсмий мағлыўмат берилди

Қоңыратта жол-патруль инспекторы ҳәм пуқара арасында келип шыққан жәнжел бойынша рәсмий мағлыўмат берилди
Социаллық тармақларда Қоңырат районында жол-патруль инспекторы ҳәм пуқара арасында келип шыққан жәнжел бойынша видеокөринислер тарқалды. ӨзР ИИМ ЖҲҚББ жағдай бойынша рәсмий мағлыўмат берди.

Усы жылдың 18-апрель күни Қоңырат районы аймағында дийқан базары әтирапында хызмет алып барып атырған жол-патруль хызмети инспекторы А.Алламбергеновтың жанына мәс ҳалдағы пуқара келип, хызметкердиң жумыс ислеўине ҳәр қыйлы ҳәрекетлер менен кесент еткен. Хызметкер пуқараға мәс ҳалда екенлиги, жасаў орнына барыўы кереклигин айтқанына қарамастан ҳәр қыйлы сөзлер менен хызметкерге кесент етиўди даўам еткен.

Буннан соң ЖПХ хызметкери ҳәм пуқара арасында жәнжел келип шыққан. ЖПХ хызметкери пуқараға медициналық тексериўден өтиўди усыныс еткен ҳәм медициналық тексериў жуўмағына муўапық мәслик жағдайы тастыйықланған.

ЖПХ хызметкери районлық ИИБ баслығының атына мәлимлеме арқалы мүрәжат етип, болып өткен жағдайды толық мәлим еткен ҳәм тийисли тәртипте көрип шығылыўын сораған.

Бул жағдай бойынша Қоңырат районлық ИИБ тәрепинен сорастырыў ҳәрекетлери алып барылмақта, деп жазылған хабарда.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Call-орайы иске түсти

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Call-орайы иске түсти

Уқсас жаңалықлар

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Call-орайы иске түсти

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Call-орайы иске түсти

        Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети ўәкилликлерине киргизилген мәселелер бойынша физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатларын жедел түрде қабыл

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында