Telegram karinform

Жәмийет

  • 21.04.2021 10:40
  • 1150

Прокуратура Қоңыратта ЖПХ инспекторы ҳәм пуқара арасында келип шыққан жәнжел бойынша қосымша мағлыўмат берди

Прокуратура Қоңыратта ЖПХ инспекторы ҳәм пуқара арасында келип шыққан жәнжел бойынша қосымша мағлыўмат берди
Усы жылдың 18-апрель күни Қарақалпақстан Республикасы ИИМ Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы жол-патруль хызмети 3-көшпели топар инспекторы А.А. өзине бириктирилген Қоңырат районы дийқан базары жанындағы жолда хызмет ўазыйпасын атқарып атырған ўақтында Қоңырат районында жасаўшы пуқара Қ.А. ортасында жәнжел келип шыққан.

Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасының мәлим етиўинше, ҳәзирде усы жағдай бойынша Қоңырат районлық прокуратурасы тәрепинен тергеўге шекемги тексериў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Ал, ЖҲҚБ инспекторының ис-ҳәрекетлери бойынша хызмет тексериўи өткерилмекте.

Тергеўге шекемги тексериў нәтийжеси бойынша қосымша мағлыўмат бериледи.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...