Telegram karinform

Мәденият

  • 21.04.2021 12:53
  • 1474

Қарақалпақстанлы урыс қаҳарманы Инаят Наўрызбаев ҳаққында фильм сүўретке алынбақта

Қарақалпақстанлы урыс қаҳарманы Инаят Наўрызбаев ҳаққында фильм сүўретке алынбақта

«Өзбеккино» Миллий агентлиги буйыртпасы тийкарында «Ҳүжжетли ҳәм хроникалық фильмлер студиясы» МУК тәрепинен «Умытылмас қаҳарманлар» дүркини бойынша жаңа ҳүжжетли фильмлер сүўретке алынбақта. Усындай фильмлердиң бири қарақалпақстанлы Инаят Наўрызбаев ҳаққында, деп хабар бермекте Кинематография агентлиги мәлимлеме хызмети.

Инаят Наўрызбаев 1918-жылы туўылған, Екинши жер жүзилик урысында пулемётшы сыпатында қатнасқан. Днепр дәрьясы бойындағы урыста қаҳарманлық көрсетип, Советлер Аўқамының қаҳарманы атағы ҳәм «Алтын жулдыз» медалы менен сыйлықланған.
Қарақалпақстанлы урыс қаҳарманы Инаят Наўрызбаев ҳаққында фильм сүўретке алынбақта

«Умытылмас қаҳарманлар» ҳүжжетли фильмлер дүркини Екинши жер жүзилик урыста мәртлик көрсеткен жерлеслеримиз ҳаққында болып, урыста ерисилген жеңистиң 76 жыллығына бағышланады. Постановкашы режиссёр Наврўза Бийназова «Инаят Наўрызбаев» фильмиң сүўретке алыў процесслери ҳаққында төмендегилерди мәлим етти:
Қарақалпақстанлы урыс қаҳарманы Инаят Наўрызбаев ҳаққында фильм сүўретке алынбақта
Қарақалпақстанлы урыс қаҳарманы Инаят Наўрызбаев ҳаққында фильм сүўретке алынбақта

- Дөретиўшилик топарымыз бенен Қарақалпақстан Республикасының Төрткүл районында болдық. Қаҳарманымыз, Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшысы киши лейтенант Инаят Наўрызбаев усы аймақта туўылып өскен, урыстан қайтып келип совхозларды басқарған. Төрткүл районында 3 күнлик съёмка процесслеринде дерлик барлық эпизодлар алынды. Инаят Наўрызбаевтың жаслығын Шаҳзод Маъруфжонов атқарды. Ҳәзирги ўақытта фильмниң монтаж жумыслары басланды.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...