Telegram karinform

Экономика

  • 21.04.2021 18:05
  • 1495

«Қоңырат – Қарақалпақстан посёлкасы» аралығындағы 240 километрлик жол қайта қурылады

«Қоңырат – Қарақалпақстан посёлкасы» аралығындағы 240 километрлик жол қайта қурылады
Социаллық тармақларда түркиялы транспорт басқарыўшылардың Қарақалпақстандағы «Қоңырат – Қарақалпақстан посёлкасы» аралығындағы жолдың жағдайы менен байланыслы машқалалар бойынша видеомүрәжаты тарқалған еди. Олар усы жолдан өтип атырғанда қыйыншылықларға дус келиўи, автомобильлери үлкен зыян көрип атырғаны ҳаққында айтып, «90 километрди 24 саатта басып өттик, бул жолдан ҳәттеки ҳайўанлар да өтпейди, бирақ адамлар өтеди» деген еди.

20-апрель күни Ташкент қаласында Автомобиль жоллары комитетиниң жуўапкерлери менен өткерилген баспасөз конференциясында «Kun.uz» басылымы хабаршысы усы жағдай бойынша жуўапкерлерге сораў берди.

Сораўға Республикалық жол фонды баслығының орынбасары А.Ҳимматов жуўап берип, видеомүрәжатта айтылған жол А-380 «Ғузар-Бухара-Нөкис-Бейнеў» автомобиль жолының 240 километри екенлигин мәлим етти.

- Усы жол бойынша ҒМДА мәмлекетлери ўәкиллери тәрепинен де бизлерге көплеген наразылықлар билдирилген. Бул машқала бойынша мәмлекетлик инвестициялық бағдарлама қабыл етилген.

Жолдың 964-1204-километри, яғный Қоңыраттан баслап Қазақстанның мәмлекетлик шегарасына шекемги болған аймақтың 90 километрден аслам бөлеги жарамсыз аўҳалға келген.

Ҳәзирги ўақытта үйрениўлер тийкарында усы жағдайлар есапқа алынып, автомобиль жолының оңланыўы керек болған бөлегин толық реконструкциялаў бойынша ҳүкиметлик қарар қабыл етилди, - деген фонд баслығының орынбасары.

Оның қосымша етиўинше, жолдың усы бөлегин оңлаў ушын халықаралық тендер саўдалары жәрияланған ҳәм ҳәзирги ўақытта бул процесс жуўмақланған.

- Өткерилген халықаралық тендер саўдаларында Түркияның «Polat Yol Yapi San. ve Tic S.A.» компаниясы (964-1084-километри аралығы) ҳәм Қытайдың «China Road and Bridge Corporation», «CCCC Third Highway Engineering Co. Ltd.», сондай-ақ, «Sanmenxia City Changtong Road and Bridge Construction Co., Ltd.» компаниялары (1084-1204-километри аралығы) жеңимпаз деп табылған ҳәм шәртнамаға қол қойылды.

Яғный, быйыл усы жолға 34,6 миллион долларлық инвестициялық қаржыларды өзлестириў нәзерде тутылған. Жол еки бөлекли болады, - деген фонд баслығының орынбасары А.Ҳимматов.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Қарақалпақстанда жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болады?

Қарақалпақстанда жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болады?

    «Өзгидромет» Қарақалпақстан Республикасында жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болыўы ҳаққында мағлыўмат берди.  Ҳаўа бираз

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

        12-май күни Американың IT гигантлары Google ҳәм Амазон өзиниң логотиплерин көп жыллар даўамында биринши мәрте