Telegram karinform

Жәмийет

  • 24.04.2021 12:22
  • 1370

Нөкис қаласы ҳәкимлиги пуқараларға үндеў жәриялады!

Нөкис қаласы ҳәкимлиги пуқараларға үндеў жәриялады!
Ҳүрметли пуқаралар, карантин қағыйдаларына әмел етиң!

Өзбекстанда коронавирусқа қарсы ғалабалық шаншыў илажлары 2021-жыл 1-апрельден басланды. Биринши гезекте 65 жастан жоқары болған адамлар ҳәм медицина хызметкерлери шаншылыўы әмелге асырылмақта. Халқымыз арасында кеселликти жуқтырып алыўдың алдын алыў мақсетинде усы жылдың 18-апрель сәнесинен баслап карантин қағыйдалары және де күшейтилди.

Нөкис қаласы ҳәкимлиги қала турғынлары ҳәм мийманларынан бул кеселлик тарқалыўыниң алдын алыў мақсетинде төмендеги жеке гигиеналық қағыйдаларға қатаң әмел етиўин сорайды:

- нықаплар тағыў;
- адамлар көп жыйналатуғын орынларға бармаў ямаса имканияты болғанша усындай орынларға барыўды азайтыў (ғалабалық илажлар, базарлар, саўда-кеўилашар орайлар);
- грипп ямаса аязлаў белгилери болған инсанлар менен сөйлеспеў;
- жәмийетлик орынларда, транспортларда ҳәр қандай үстки бөлеклерди услағанда қолыңызды жақсылап сабын менен жақсылап жуўыў ямаса бактерияларға қарсы антисептикалық қураллардан пайдаланыў;
- аралықты сақлаў;
- қол берип көрисиў, қушақласыў ҳәм соған уқсас әдетлерге шек қойыў;
- гаджетлер ҳәм оргтехникаларды турақлы түрде дезинфекциялаў;
- тек ғана өз жеке гигиеналық қуралыңыздан пайдаланың.

Егер пуқаралар тәрепинен карантин қағыйдаларына әмел етпеў жағдайлары анықланса, онда ескертиўлерсиз нызамлы түрде шара көриледи.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

Уқсас жаңалықлар

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

    Түнги ўақытта саат 23.00 ден 06.00 ге шекем пуқаралардың тынышлығын ҳәм нормал дем алыўын бузыў,

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Өзбекстан гидрометеорология хызмети агентлиги 17-апрель күни ушын ҳаўа-райы прогнозын жәриялады. Мәлим етилиўинше, ертең, 17-апрель күни Республиканың...

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

    2025-жыл 4-6-апрель күнлери Қарақалпақстан Республикасы тарийхый ўақыяға гүўа болды – биринши мәрте Арал мәденияты саммити