Telegram karinform

Экономика

  • 26.04.2021 02:46
  • 1711

Тақыятас ыссылық электр станциясы рәсмий мағлыўмат берди

Тақыятас ыссылық электр станциясы рәсмий мағлыўмат берди


Тақыятас ЫЭСтен \"Karinform.uz\"ға рәсмий мағлыўмат берилиўинше, 25-апрель күни саат 20:46 да станциядағы ашық бөлистириўши қурылмада қысқа тутасыў жүз бергенлиги себепли 1-санлы пуў-газ қурылмасы ҳәм 1-, 3-санлы турбогенераторлар автоматластырылған қорғаў системасының иске түсиўи нәтийжесинде өшип қалған.

Ўақыя нәтийжесинде энергоүскенелерге ҳеш қандай зыян жеткерилмеген. Саат 21:23 те станцияда ашық бөлистириўши қурылманың жумысы қайта тикленген.

Энергоблоклар басқышпа-басқыш иске қосылып, энергосистемаға жалғанбақта.

Мағлыўмат ушын, социаллық тармақларда \"Тақыятас ЫЭС\" АЖда өрт келип шыққаны ҳәм буның ақыбетинде Қарақалпақстан Республикасының көпшилик аймақларында электр энергиясы менен тәмийинлеўде үзилис жүз бергени ҳаққында хабарлар тарқалған еди.

Электр станциясы ўәкиллериниң мәлим етиўинше, ыссылық электр станциясында ҳеш қандай өрт ҳәм усы сыяқлы айрықша жағдайлар жүз бермеген.

Буны ҚР Айрықша жағдайлар басқармасы да тастыйықлады.

Ислам Матеков,
Karinform.uz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Қарақалпақстанда жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болады?

Қарақалпақстанда жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болады?

    «Өзгидромет» Қарақалпақстан Республикасында жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болыўы ҳаққында мағлыўмат берди.  Ҳаўа бираз

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

    Лондон Патшалық колледжиниң илимпазлары Лондон Империал колледжиниң кәсиплеслери менен биргеликте лаборатория шараятында жасалма түрде инсан