Telegram karinform

Жәмийет

  • 28.04.2021 12:32
  • 17292

Денсаўлықты сақлаў министрлиги Республикалық балалар емлеўханасында медицина хызметкерлери арасында жүз берген жәнжел бойынша рәсмий мағлыўмат берди

Денсаўлықты сақлаў министрлиги Республикалық балалар емлеўханасында медицина хызметкерлери арасында жүз берген жәнжел бойынша рәсмий мағлыўмат берди
Усы жылдың 27-апрель күни «Ел хызметинде» газетасының Телеграм социаллық тармағындағы каналында Республикалық балалар көп тармақлы медициналық орайында медицина хызметкерлери арасында жүз берген өзара жәнжел видеосы жәрияланған еди.

Бул бойынша ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң жуўапкер қәнигелери тийисли үйрениўлер алып барып, төмендегилерди мәлим етти.

Ҳақыйқатында да, видеода көринип турған адамлар Республикалық балалар көп тармақлы медициналық орайының реанимация бөлими меңгериўшиси (пуқаралық кийимде) Г.К. ҳәм орайдың кеселлерди қабыл етиў бөлими меңгериўшиси А.П. (ақ халатта) болып, орайдың реанимация бөлиминде олардың өзара жәнжеллесип атырғаны сәўлеленген.

Видеода сәўлеленген жағдай 2019-жылдың декабрь айының үшинши он күнлигинде орайдың реанимация бөлиминде болған. Сол күни орайдың наўқасларды қабыл етиў бөлимине аўыр кесел бала алып келингеннен кейин бөлим меңгериўшиси А.П. мийирбийке менен бирге аўыр кеселди реанимация бөлимине алып келгенинде, жумыс ўақты тамам болған болса да еле үйине қайтпаған реанимация бөлими меңгериўшиси Г.К. «Сен не ушын реанимация бөлимине аўыр кесел алып келесең?» деп А.П.ны ҳәрқыйлы гәплер менен ақыретлеп, оны урып, видеода көрсетилген жағдайда жәнжел еткен. Жәнжелдиң бундай түс алыўын билген ҳәм реанимация бөлимине алып келинген аўыр кеселлерди қабыл етпеў жағдайларын тастыйықлаў мақсетинде нәўбетши шыпакер-реаниматолог өзиниң қол телефонына видеоға түсирип алған ҳәм қабыллаў бөлиминиң меңгериўшиси А.П.ның өтинишине бола видеоны ҳеш жерге көрсетпеген.

Бирақ, кейин де бундай жағдайлар реанимация бөлими меңгериўшиси Г.К. тәрепинен бирнеше рет болғанлығын есапқа алып, оның менен байланыслы видеолар орай администрациясына усынылған.

2021-жыл 1-март күни Республикалық балалар көп тармақлы медициналық орайы ҳәм орайдың кәсиплик аўқамының қоспа жыйналысы өткерилип, жыйналыс күн тәртибине орайдың реанимация бөлими реаниматолог-шыпакери Б.Х.ның орай бас шыпакери атына жазған мәлимлемеси ҳәм реанимация бөлими шыпакери А.Б.ның арзасы тийкарында реанимация бөлими меңгериўшиси Г.К.ның унамсыз ис-ҳәрекетлери көрип шығылған.

Өткерилген жыйналыс нәтийжесине муўапық, орайдың реанимация бөлими меңгериўшиси Г.К. жоқарыда көрсетип өтилген унамсыз ис-ҳәрекетлери ушын ийелеп турған лаўазымынан азат етилип, күндизги анестезиолог-реаниматолог шыпакер лаўазымында қалдырылған. Буннан тысқары, Г.К. пенсия жасына толғанлығы мүнәсибети менен жумыс бериўшиниң басламасы менен еки айдан кейин мийнет шәртнамасы бийкар етилиўи ҳаққында ескертиў хаты берилген.

Ҳәзир бул мәселе бойынша тексериў ҳәм суд процеси даўам етпекте.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

        Пекиндеги Синхуа университети толық жасалма интеллект тийкарында ислейтуғын биринши «Агент емлеўханасы»н шөлкемлестирди. Онда 14 виртуал

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...