Telegram karinform

Жәмийет

  • 28.04.2021 13:41
  • 1074

«Келтирилген мағлыўматлар тастыйықланбады» – МОБ Қарақалпақстандағы басшылар үстинен жазылған арза бойынша мағлыўмат берди

«Келтирилген мағлыўматлар тастыйықланбады» – МОБ Қарақалпақстандағы басшылар үстинен жазылған арза бойынша мағлыўмат берди
Алдын Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының хызметкерлери тәрепинен басқармада таныс-билисшилик, ағайин-туўысқанлық, коррупция ҳәм басым өткериў жағдайлары көбейгенлигинен наразылық билдирилип, Жоқарғы Кеңес Баслығы ҳәм бас прокурор атына арза жазғаны ҳаққында хабар берилген еди.

Арзада хызметкерлер айырым район бөлим баслықларының прокуратурадағы танысларына исенип жумысқа қәлесе келип, қәлесе келмеўи, жумыс ўақтында алкогольли ишимликлер ишиўи, интизамлы жаза алғанына қарамастан танысының күши менен мәртебели дәрежелер алғанын билдирген ҳәм бас прокурордың жеке қадағалаўы астында тексериў өткерип, системаны «тазалаў»ды өтиниш еткен еди. МОБ баспасөз хызмети болса бюроның орайлық аппараты жуўапкер хызметкерлери тәрепинен мүрәжатта келтирилген ҳәр бир мағлыўмат бойынша үйрениў жумыслары басланғанын мәлим еткен еди.

МОБ баспасөз хызметиниң «Kun.uz»ға хабар бериўинше, тексериў жумыслары жуўмақланған ҳәм арзада келтирилген мағлыўматлар тастыйықланбаған.

«Бир ғана мысал, Мойнақ районлық бөлими баслығы М.Балтабаев ҳәм Әмиўдәрья районлық бөлими баслығы Р.Балтабаев бир-бирине әмеки болса да, олар алдынғы Суд департаменти ўақтынан берли ислеп келип, 2017-жылы Бюро уйымларына жумысқа алынған.

Олардың бири екиншисине тиккелей бойсынбаған ҳалда хызмет алып барып атырғанлықтан Мәжбүрий орынлаў бюросында хызмет алып барыў ҳаққындағы Реже талаплары бузылмаған», - деп жазылған МОБ баспасөз хызметиниң мағлыўматында.

Қосымша етилиўинше, хызметкерлерге мәртебели дәрежелер олардың жумыс ислеўдеги ҳәм жеке пазыйлетлерин есапқа алған ҳалда, ийелеп турған лаўазымы және жумыс стажына муўапық бериледи ҳәм бул басқарма баслығының ўәкиллигине кирмейди.

Еслетип өтемиз, МОБтың Қарақалпақстан Республикасы басқармасындағы жағдайлар бойынша жазылған арза Сенаттың Суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў комитети тәрепинен қадағалаўға алынған еди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

    Өткен ҳәптеде Олий Мажлис Нызамшылық палатасында болып өткен дөгерек сәўбетинде онлайн-платформалар бойынша нызам жойбары ҳаққында