
Қарақалпақстан Республикасы аймағындағы улыўма пайдаланыўдағы 4-Р176 «Нөкис–Шымбай–Тахтакөпир» автомобиль жолының 4,5-километринде жайласқан пиядалар өтиўши көпирдиң қурылыс жумыслары толық жуўмақланып, пайдаланыўға тапсырылды.
Бул ҳаққында ҚР Министрлер Кеңеси мәлимлеме хызмети хабар берди.
Мағлыўматларға қарағанда, бул жойбарға 2 млрд сум қаржы ажыратылған.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz