Telegram karinform

Жәмийет

  • 01.05.2021 12:11
  • 1676

Нөкисте «Cobalt» үстине электр бағанасының қулаўына не себеп болғаны мәлим етилди

Нөкисте «Cobalt» үстине электр бағанасының қулаўына не себеп болғаны мәлим етилди
«Makan.uz» сайтының Телеграм каналында Нөкис қаласы А.Шамуратова көшесинде жайласқан электр бағанасы Агробанк имараты жанында турған автомобиль үстине қулап түскенлиги, сондай-ақ, Нөкис қалалық салық инспекциясының имаратына да зыян жеткенлиги ҳаққында мағлыўмат жәрияланған еди.

Бул бойынша Қарақалпақстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигиниң Мәмлекетлик мийнет инспекциясы тәрепинен Өзбекстан Республикасы «Мийнетти қорғаў ҳаққында»ғы нызамына тийкар ўақыя орнына барып, үйрениў жумыслары алып барылды.
Нөкисте «Cobalt» үстине электр бағанасының қулаўына не себеп болғаны мәлим етилди
Министрлик мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, Нөкис қаласы А.Шамуратова көшесинде жайласқан «Үй-жай қурылыс» ЖШЖ тәрепинен салынып атырған 16 этажлы имаратта 2021-жыл 30-апрель күни имаратқа қурылған лесаны жыйнаў мақсетинде жумыс алып барылып атырғанда жүк көтериўши кран тәрепинен ҳәм сол жердеги бригадирлердиң жол қойған қәте-кемшиликлери ақыбетинде леса жерге қулап түсип, алдындағы көшедеги электр сымына урылған. Ақыбетинде электр бағанасы қулап, сол жерде турған Нөкис қалалық мәмлекетлик салық инспекциясы имараты ҳәм «Cobalt» маркалы автокөлигине зыян жеткерилген.
Нөкисте «Cobalt» үстине электр бағанасының қулаўына не себеп болғаны мәлим етилди
Үйрениў жумыслары даўамында техникалық қәўипсизлик бойынша бир қатар кемшиликлер анықланып, Қарақалпақстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигиниң Мәмлекетлик мийнет инспекциясы тәрепинен кемшиликлерди сапластырыў бойынша үш күн мүддетли жазба көрсетпе берилген.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

        Бул норма Өзбекстан Республикасы ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 183-статьясында келтирилген «Майда гүдибузарлық, яғный, жәмийетлик орынларда

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

        Президент тапсырмасына бола, автомобиль жолларында ҳәрекетлениў тәртибин буннан былай да жетилистириў, айдаўшыларға қосымша қолайлықлар жаратыў

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы