Telegram karinform

Жәмийет

  • 25.05.2021 11:10
  • 1181

Министр Абдуқодир Тошқулов Нөкистеги мектеп питкериўшилерине ҳақ жол тиледи

Министр Абдуқодир Тошқулов Нөкистеги мектеп питкериўшилерине ҳақ жол тиледи
Президент Ш.Мирзиёевтиң мектеп питкериўшилерине жоллаған өз қутлықлаўында питкериўшилерди ғәрезсиз өмирге таслап атырған дәслепки қәдемлери менен қутлықлап, мәмлекетимизде жумыс алып барып атырған 137 жоқары оқыў орны, 339 кәсип-өнер мектеби, 193 колледж ҳәм 196 техникум оларды қабыллаў ушын таяр екенлигин атап өткен еди.

Бүгин, 25-май күни питкериўшилерге ҳақ жол тилеў мақсетинде Нөкис қаласындағы 9-санлы улыўма билим бериў мектебинде өткерилип атырған «Соңғы қоңыраў» илажында Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри, экономика илимлериниң докторы Абдуқодир Тошқулов қатнасты.
Министр Абдуқодир Тошқулов Нөкистеги мектеп питкериўшилерине ҳақ жол тиледи
Министр Президенттиң мектеп питкериўшилери жоллаған қутлықлаўын жеткерип, бәрқулла өз алдыларына жоқары шеклерди қойыў, ҳәр бир мәўритти бийкар өткерместен жаңа ҳәм инновациялық билимлерди излеў ҳәм келеси оқыўларында, өзлери сайлаған жоқары оқыў орынларына кириўде жоқары көрсеткишлерге ерисиўинде үлкен табыслар тиледи.

Илажға, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары, биология илимлериниң докторы Муратбай Жуманов, Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректоры, техника илимлериниң докторы Ахмед Реймов, Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ректоры, физика-математика илимлериниң докторы Байрам Отемуратовлар да қатнасты. Олардың илажға қатнасыўы мектеп питкериўшилерине мотивациялық руўх бағышлады.

Сөзге шыққан алымлар Қарақалпақстандағы жоқары оқыў орынлары да питкериўшилер ушын ашық екенлигин атап өтип, оларға жоқары нәтийжелер ҳәм әўмет тиледи.
Министр Абдуқодир Тошқулов Нөкистеги мектеп питкериўшилерине ҳақ жол тиледи
Министр Абдуқодир Тошқулов Нөкистеги мектеп питкериўшилерине ҳақ жол тиледи
Министр Абдуқодир Тошқулов Нөкистеги мектеп питкериўшилерине ҳақ жол тиледи
Министр Абдуқодир Тошқулов Нөкистеги мектеп питкериўшилерине ҳақ жол тиледи
Министр Абдуқодир Тошқулов Нөкистеги мектеп питкериўшилерине ҳақ жол тиледи

Ислам Матеков,
Karinform.uz.
Автордың түсирген фотолары.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Уқсас жаңалықлар

Хусановтың трансфер баҳасы жаңаланды

Хусановтың трансфер баҳасы жаңаланды

        Өзбекстан миллий сайланды командасы ҳәм «Манчестер Сити» клубы қорғаўшысы Абдуқодир Ҳусановтың баҳасы 35 миллион евроға

Нөкистеги қалың думан себепли аэропортлар ўақтынша жумысын тоқтатты

Нөкистеги қалың думан себепли аэропортлар ўақтынша жумысын тоқтатты

    Нөкис ҳәм Ургенч аэропортларында қолайсыз ҳаўа райы себепли самолётларды қабыллаўда ўақтынша шеклеўлер қойылды. Ташкент -–

Тәбият қойнында айланыў көриў қәбилетин жақсылайды

Тәбият қойнында айланыў көриў қәбилетин жақсылайды

        Алымлар ашық ҳаўада дем алыў балаларда миопи қәўипин кемейтириўин анықлады. Тайванлы изертлеўшилер жақын аралықтағы еки