
Бүгин елимиздеги барлық мектеплерде «Соңғы қоңыраў»лар жаңлап, оқыўшы жаслар жаңа турмысқа қәдем таслап атыр.
Министрлер Кеңеси Баслығы Қахраман Сариев Нөкис қаласындағы 37-санлы мектепте болып өткен соңғы қоңыраў кешесине қатнасты. Өз алдына үлкен мақсетлерди қойған питкериўшилерди бүгинги қуўанышлы байрам менен қутлықлап, Президентимиздиң питкериўши ул-қызларға жоллаған байрам тилеклерин жеткерди. Бул ҳаққында Министрлер Кеңеси мәлимлеме хызмети хабар берди.


Сондай-ақ, Министрлер Кеңеси Баслығы мәмлекетимизде жоқары оқыў орынларына кириў ушын жасларға жаратылып атырған имканиятлар бойынша кеңнен тоқталып өтти.
Байрам кешесинде питкериўшилердиң концерт бағдарламалары мийманлар нәзерине усынылды.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz