Telegram karinform

Жәмийет

  • 28.05.2021 11:52
  • 1230

Үстиртте 11 дана кийикти аўлаған пуқаралар ҳайўанат дүньясына 135 миллион сумға шамалас зыян жеткерди

Үстиртте 11 дана кийикти аўлаған пуқаралар ҳайўанат дүньясына 135 миллион сумға шамалас зыян жеткерди
Өзбекстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети «Қубла Үстирт» миллий тәбият бағы инспекторлары тәрепинен 2021-жылдың 24-май күни Қоңырат районы Үстирт тегислигинде өткерилген рейд илажы даўамында райондағы «Жаслық» МПЖда жасаўшы Б.Р. ҳәм Т.Р. исимли пуқаралар «Урал» маркалы 2 дана мотоцикльде аў мылтығы жәрдеминде 11 дана кийикти нызамсыз аўлап киятырған ўақтында иркилген. Бул ҳаққында ҚР Прокуратурасы хабар бермекте.

Буннан кейин пуқаралар Б.Р. ҳәм Т.Р. лар өзлерине тийисли болған «Урал» маркалы 2 дана мотоциклин жағып жиберип, инспекторларға тийисли болған 4 дана қол телефон аппаратларын тартып алып, «Қубла Үстирт» миллий тәбият бағына тийисли болған «Нива» маркалы хызмет автомашинасының 4 дана балонларын тесип, ҳәрекетлениўине тосқынлық етип, ҳәдийсе орнынан жасырынған.

Нәтийжеде ҳайўанат дүньясына 134 млн. 750 мың сум муғдарында зыян жеткерилген.

Усы жағдай бойынша Арал тәбиятты қорғаў прокуратурасы тәрепинен ӨзР Жынаят кодексиниң тийисли статьялары менен жынаятлы ис қозғатылып, Б.Р. ҳәм Т.Р.лар ЖПКның 221-статьясы тәртибинде усланды.

Ҳәзирги ўақытта дәслепки тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Пүткил Интернеттиң аўырлығы 64 мың дана қулпынайға тең

Пүткил Интернеттиң аўырлығы 64 мың дана қулпынайға тең

    Интернеттиң шамаланған салмағы есаплап шығылды. Итибар бериң, пүткил дүньяны жаўлап алған Интернет тек ғана 5,32

ChatGPT менен турақлы сөйлесиў қәўипли ақыбетлерге алып келиўи мәлим етилди

ChatGPT менен турақлы сөйлесиў қәўипли ақыбетлерге алып келиўи мәлим етилди

Психологлар жасалма интеллект пенен сөйлесиў, әсиресе, жасларға унамсыз тәсир етиўи мүмкинлигинен қәўетерленип атыр.  OpenAI ҳәм Массачусетс...