Telegram karinform

Жәмийет

  • 01.06.2021 15:47
  • 1135

Жоқарғы Кеңес Баслығы балаларды байрам менен қутлықлады

Жоқарғы Кеңес Баслығы балаларды байрам менен қутлықлады
Балалар – өмиримиздиң қуўанышы, келешегимиз ийелери. Оларға меҳир ҳәм ғамқорлық көрсетиў, тәрбия бериў бәршемиздиң инсаныйлық миннетимиз.

1-июнь – Халықаралық балаларды қорғаў күни мүнәсибети менен пайтахтымыздағы реабилитация орайына ийе болған «Имкан» мәмлекетлик көп тармақлы қәнигелестирилген мектепке шекемги билимлендириў мәкемесинде байрам илажы болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов, Қарақалпақстан Республикасы Прокуроры Ф.Алламбергенов, Мектепке шекемги билимлендириў министри Ж.Уснатдинова, Нөкис қаласы ҳǝкими У.Панаев балаларды байрам менен қутлықлап, саўғалар тапсырды. Бул ҳаққында ҚР Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети хабар берди.
Жоқарғы Кеңес Баслығы балаларды байрам менен қутлықлады
Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен елимизде балалардың ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаў, олардың қәбилетлерин жүзеге шығарыўға айрықша итибар қаратылмақта.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 16-августтағы «Аралбойы регионы балалары ушын реабилитация орайына ийе болған мәмлекетлик қәнигелестирилген көп тармақлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемесин шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы Қарары тийкарында қурылып, 2019-жыл пайлаланыўға тапсырылған Реабилитация орайына ийе болған «Имкан» мәмлекетлик көп тармақлы қәнигелестирилген мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси 120 орынға мөлшерленген болып, бүгинги күнде 118 бала тәрбияланбақта. Орайға еситиўинде, психологиялық раўажланыўында ҳәм ҳәрекет системасында нуқсаны болған 2 жастан 7 жас аралығындағы балалар қабылланады. Соның менен бирге, 2 жастан 16 жас аралығындағы балалар ҳәм жас өспиримлер де реабилитация орайына қатнаўына болады.
Жоқарғы Кеңес Баслығы балаларды байрам менен қутлықлады
Мәкемеде Россия Федерациясының Москва қаласындағы «Балалық» реаблитация орайында, Санкт-Петербург қаласындағы А.И.Герцен атындағы Россия мәмлекетлик педагогикалық университетинде, Корея Республикасында тәжирийбе арттырып келген педагоглар, медицина хызметкерлери ҳәм дефектологлар жумыс алып барады.
Жоқарғы Кеңес Баслығы балаларды байрам менен қутлықлады
Ҳәзирги ўақытта бул балалар бақшасында 137 жоқары қәнигеликтеги медицина хызметкерлери ҳәм тәжирийбели педагог кадрлар коррекциялық педагогика жумысларын алып бармақта. Бул жерде балалардың денсаўлығын тиклеў, оларға билим ҳәм тәрбия бериў ушын барлық қолайлықлар жаратылған.

Илажда бақша тәрбияланыўшылары атқарыўындағы концерт бағдарламасы бәршеге байрам кейпиятын бағышлады.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Уқсас жаңалықлар

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

        Германияда адамлар өлгеннен кейин келешекте қайта тирилиўи ушын денелерин ўақтынша музлатып қойыў хызмети иске түсти.

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған