
Тақыятас жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы тәрепинен Шоманай районы орайынан өтиўши Әжинияз көшесине жаңадан асфальт төселди. Соның менен бирге, райондағы «Таза базар» МПЖ аймағындағы Бахытлы көшеси де асфальтланып, жоллар тегисленди. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Автомобиль жоллары аймақлық бас басқармасы баспасөз хызмети хабар берди.


Айтып өтиў орынлы, Әжинияз көшесиниң бойында 2 улыўма билим бериў мектеби, районлық халық билимлендириў бөлими, «Агробанк» имараты, пуқаралардың турақ жайлары ҳәм басқа да обьектлер жайласқан болып, районлық медициналық бирлеспесине де усы жол арқалы барылады.
Жолдың қайта оңланып, пайдаланыўға тапсырылғаны Шоманай районы халқын үлкен қуўанышқа бөледи, десек алжаспаған боламыз.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz