Telegram karinform

Жәмийет

  • 03.06.2021 16:59
  • 1527

Россияда мигрантлар ушын жаңа талаплар белгиленди

Россияда мигрантлар ушын жаңа талаплар белгиленди
Россия ҳүкимети сырт еллерден келген жумысшылар ушын рус тили, тарийхы ҳәм нызамшылық тийкарларын билиўдиң минимал дәрежесине қойылатуғын талапларды тастыйықлады. Ҳүжжет Россия ҳуқықый мәлимлеме сайтында жәрияланды.

Усы тийкарда, мигрантлар жәмийетлик-турмыслық ҳәм айырым профессионал темаларда еркин сәўбетлесе алыўы керек. Атап айтқанда, бул жумысқа қабыллаўға, емлеўханадағы мәсләҳәтлесиўге ҳәм полицияға мүрәжат етиўге тийисли. Соның менен бирге, оларға зәрүр ҳүжжетлер ҳәм арзаны толтырыўды билиў мәжбүрий етип белгиленди.

Россия тарийхы бойынша имтиханды тапсырыўда сырт еллилердиң тийкарғы ўақыялар, ең ири қалалардың атлары ҳәм тийкарғы мәмлекетлик байрамлары ҳаққындағы билимлери сынақтан өткериледи.

Буннан тысқары, олар мәмлекетте болған ўақтында өзлериниң тийкарғы ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм миннетлемелери менен танысыўлары керек.
Бул талаплар, базы өзгешеликлерден тысқары, Россияда ўақтынша жасаўды жобаластырғанларға да тийисли есапланады.

Азизбек Дабылов,
ҚМУ Интернет журналистикасы тәлим бағдарының 2-курс студенти.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған