Telegram karinform

Экономика

  • 08.06.2021 16:58
  • 1388

Қарақалпақстан Республикасында жыл басынан неше сумлық санаат өнимлери ислеп шығарылды?

Қарақалпақстан Республикасында жыл басынан неше сумлық санаат өнимлери ислеп шығарылды?
Қарақалпақстан Республикасы Статистика басқармасының хабар бериўинше, 2021-жылдың январь-апрель айларында республикамыздағы кәрханалар тәрепинен 5504,2 млрд сумлық санаат өнимлери ислеп шығарылған болып, 2020-жылдың январь-апрель айларына салыстырғанда санаат ислеп шығарыўдың физикалық көлеми индекси 109,3% ти қурады.

Санаат ислеп шығарыў қурамында ең үлкен үлес ислеп шығаратуғын (қайта ислейтуғын) санаатқа туўры келип, оның жәми санаат ислеп шығарыўдағы үлеси 85,8% ти қурады.

Усы жылдың январь-апрель айларында:

Таў-кән санааты ҳәм ашық кәнлерди ислеў – 13,3 млрд сум;
Ислеп шығаратуғын санаат – 4720,7 млрд сум;
Электр, газ, пуў менен тәмийинлеў ҳәм ҳаўаны кондициялаў – 743,9 млрд сум;
Суў менен тәмийинлеў, канализация системасы, шығындыларды жыйнаў ҳәм утилизациялаў – 26,3 млрд сумды қурады.

Усы жылдың өткен дәўиринде ислеп шығаратуғын (қайта ислейтуғын) санаат 14,5% ке, электр, газ, пуў менен тәмийинлеў ҳәм ҳаўаны кондициялаўдың 36,3% ке өсиўи бақланған болса, суў менен тәмийинлеў, канализация системасы, шығындыларды утилизациялаў 14,1% ке, сондай-ақ, таў-кән санааты ҳәм ашық кәнлерди ислеў санаатының 89,8% ке пәсейиўи бақланды.

Саёра Шамуратова,
ҚМУ журналистика тәлим бағдары студенти.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Қарақалпақстанда жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болады?

Қарақалпақстанда жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болады?

    «Өзгидромет» Қарақалпақстан Республикасында жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болыўы ҳаққында мағлыўмат берди.  Ҳаўа бираз