
АҚШтағы жетекши клиникалардың бири – Сент-Луис университетиниң Ортопедиялық хирургия департаменти баслығы, белгили қәниге, жерлесимиз Жолдас Қулжанов Қарақалпақстан Республикасына келди. Бул ҳаққында ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги мәлимлеме хызмети хабар берди.
Ол О.Халмуратов атындағы Республикалық көп тармақлы медицина орайында бир қатар қурамалы операцияларды әмелге асырып, наўқасларды медициналық тексериўден өткерген ҳалда өзиниң тийисли мәсләҳәт-усынысларын берип атыр.

Сондай-ақ, Қарақалпақстандағы ортопед-травмотологларға ортопедия ҳәм травмотология тараўындағы ең соңғы заманагөй емлеў усыллары бойынша лекциялар оқыды ҳәм мастер-класслар шөлкемлестирди.
«Сент-Луис университетиниң ортопедия жөнелиси бойынша Өзбекстан ҳәм АҚШ елшиханаларының өзара келисими менен Нөкис қаласына келдик. Мақсетимиз – қарақалпақстанлы кәсиплеслеримизге әмелий ҳәм теориялық жәрдем көрсетиў, яғный қурамалы операцияларды ислеп көрсетиў, мастер-класслар шөлкемлестириў, лекциялар арқалы теориялық билимлерин асырыў, ортопедия ҳәм травмотология тараўы бойынша заманагөй емлеў усыллардан пайдаланыўда уқып ҳәм көнликпелерин раўажландырыў болып есапланады.
Алдағы ўақытта өзара бирге ислесиўди даўам еттириў ҳәм беккемлеў мақсетинде қарақалпақстанлы шыпакерлерди де Америкада өз тәжирийбелери менен бөлиседи деген келисимге келдик. Ал, бизлер өз гезегинде Қарақалпақстанға келип, өз жәрдемимизди көрсетиўге бәрҳа таярмыз. Келешекте нәтийжели бирге ислесиўге үмит етип қаламан», – дейди АҚШта бес мәрте жылдың ең жақсы шыпакерлериниң бири сыпатында тән алынған Жолдас Қулжанов.

Мағлыўмат ушын, Ж.Қулжанов ҳәзирги ўақытта АҚШта жылына 700 ге шамалас қурамалы операцияларды табыслы өткериў менен бирге, Сент-Луис университетиниң клиникасында бирнеше мәмлекетлердиң травмотолог-ортопедлерине билим береди, дүньяның белгили медициналық орайларында тәжирийбе сабақларын алып барады.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz