Telegram karinform

Жәмийет

  • 12.06.2021 10:34
  • 1126

Нөкистеги ресторанлардың биринде жарылыў жүз берди

Нөкистеги ресторанлардың биринде жарылыў жүз берди
12-июнь күни саат 06:00 шамасында Нөкис қаласы С.Камалов көшесинде жайласқан еки этажлы «Neo» рестораны имаратында газ ҳәм ҳаўа араласпасының жарылыўы келип шыққан. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы хабар берди.
Нөкистеги ресторанлардың биринде жарылыў жүз берди
Ўақыя орнына Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы Нөкис қалалық АЖБдан 2 өрт-қутқарыў экипажы жетип барған.
Нөкистеги ресторанлардың биринде жарылыў жүз берди
Дәслепки мағлыўматларға қарағанда жарылыў имараттың екинши этажында жайласқан асханада келип шыққан. Ўақыя ақыбетинде имарат зыянланған. Ўақыя бойынша дене жарақатын алғанлар ҳәм қайтыс болғанлар жоқ (жарылыў ўақтында имаратта тек қараўыл болған, бирақ зыянланбаған).

Сорастырыў жумыслары даўамында материаллық зыян анықланады. Ўақыя орнына Қарақалпақстан Республикасы АЖБ, Ишки ислер бөлими, прокуратура ҳәм «Тез жәрдем» хызмети жетип барған.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Қарақалпақстанда жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болады?

Қарақалпақстанда жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болады?

    «Өзгидромет» Қарақалпақстан Республикасында жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болыўы ҳаққында мағлыўмат берди.  Ҳаўа бираз

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

    Лондон Патшалық колледжиниң илимпазлары Лондон Империал колледжиниң кәсиплеслери менен биргеликте лаборатория шараятында жасалма түрде инсан