Telegram karinform

Жәмийет

  • 12.06.2021 11:39
  • 1225

Районлардағы алыс аймақ турғынлары таза ишимлик суўы менен тәмийинленеди

Районлардағы алыс аймақ турғынлары таза ишимлик суўы менен тәмийинленеди
«Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламалары шеңберинде республикамыздың шетки аймақларына ишимлик суўын жеткерип бериў жумыслары алып барылмақта.

Қоңырат районындағы «Өрнек» аўыл пуқаралар жыйыны аймағы турғынлары ушын таза ишимлик суўын жеткерип бериў мақсетинде 1 588,4 миллион сум қаржы ажыратылып, 7,2 километр узынлықтағы суў трубасына реконструкция жумыслары алып барылмақта. Бул ҳаққында «Қарақалпақ суў тәмийнаты» ЖШЖ баспасөщ хызмети хабар берди.

Реконструкция жумыслары толық жуўмақланғаннан соң аймақтағы 436 хожалықтың ишимлик суўы тәмийнаты жақсыланады.
Районлардағы алыс аймақ турғынлары таза ишимлик суўы менен тәмийинленеди
Сондай-ақ, бағдарлама шеңберинде Шымбай районындағы «Оржап» мәкан пуқаралар жыйыны аймағына 11,4 километр аралыққа ишимлик суўы тармағын тартыў жумыслары әмелге асырылмақта.
Районлардағы алыс аймақ турғынлары таза ишимлик суўы менен тәмийинленеди
«Арал механизация» ЖШЖ тәрепинен алып барылып атырған жумыслар нәтийжесинде аймақтағы 410 хожалықтың ишимлик суўы менен тәмийинлениўи күтилмекте.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған