
Быйылғы «Ҳаж-2021» мәўсими коронавирус пандемиясы себепли тек ғана Саудия Арабстаны Патшалығы халқы ҳәм усы мәмлекетте турақлы жасап киятырған пуқаралар (резидентлер) ушын шөлкемлестирилетуғынлығы ҳаққында Саудия Арабстаны қарары жәрияланды. Бул ҳаққында ӨзР «Ҳаж» ҳәм «Умра» илажларын шөлкемлестириў және өткериў мәселелери бойынша жәмийетлик кеңеси хабар берди.
Хабарда жазылыўынша, улыўма зыяратшылар саны 60 мың етип белгиленген ҳәм 18 жастан 65 жасқа шекемги болған емленген жергиликли зыяратшылар нәзерде тутылған.
Солай етип, быйылғы Хаж мәўсиминде сырт еллерден зыяратшылар қабыл етилмейди.
Ислам Матеков,
Karinform.uz.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz