Telegram karinform

Жәмийет

  • 15.06.2021 16:46
  • 2551

Россия президенти мийнет мигрантларына байланыслы болған пәрманға қол қойды

Россия президенти мийнет мигрантларына байланыслы болған пәрманға қол қойды
Россия президенти Владимир Путин мәмлекет аймағында нызамсыз түрде болып турған мийнет мигрантларына 2021-жыл 30-сентябрьге шекем өз статусларын нызамластырыўға рухсат беретуғын тийисли пәрманға қол қойды. Бул ҳаққында Россия президентиниң баспасөз хызмети хабар берди.

Бунда Россияның ишки ислер уйымлары тәрепинен нызамға қайшы түрде болып турғын Өзбекстан пуқараларына да мәмлекеттен ҳәкимшилик шығарып жибериў, депортациялаў шаралары қолланылмайды ҳәм оларға жасаў орнындағы миграция бөлиминен қайта дизимнен өтиў имканияты бериледи.

Алдын Россия аймағында нызамға қайшы түрде болып турғын сырт ел пуқараларына 2021-жыл 15-июньға шекем өз статусларын нызамластырыўға рухсат берилгени ҳаққында хабар берилген еди.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған