Telegram karinform

Жәмийет

  • 15.06.2021 18:43
  • 1955

Таңлаў жеңимпазына ўәде етилген пуллар не ушын берилмеди? Қарақалпақстанлы Жаслар парламенти ағзасы машқаланы қалай шешти?

Таңлаў жеңимпазына ўәде етилген пуллар не ушын берилмеди? Қарақалпақстанлы Жаслар парламенти ағзасы машқаланы қалай шешти?
Жаслар менен ислесиў бойынша жаңа системаны енгизиўге арналған «Жаслар бағдарламасы»ның орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде усы жылдың 30-апрель күни Беруний районында сектор басшыларының басламасы менен өткерилген «Жаслар форумы» шеңберинде райондағы улыўма билим бериў мектеплери оқыўшылары арасында Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайының районлық бөлими тәрепинен «Ең жақсы китапқумар оқыўшы» таңлаўы өткерилген.

Таңлаў жуўмағына муўапық, райондағы 26-санлы улыўма билим бериў мектебиниң оқыўшысы Дилноза Гулимбаева 1-орынды ийелеп, 1 миллион сум жеңимпазы болғаны ҳаққындағы сертификатты қолға киргизген.

Олий Мажлис жанындағы Жаслар парламенти ағзасы, Қарақалпақстандағы ең жас депутатлардың бири (Халық депутатлары Тақыятас районлық Кеңесиниң депутаты) Ғайратдин Сейтековтың бизге мәлим етиўинше, таңлаў жеңимпазы болған Дилнозаға усы күнге шекем сертификатта көрсетилген пуллар берилмеген.

Жаслар парламенти ағзасы Ғ.Сейтеков машқаланы жуўапкер уйымларға мәлим етип, таңлаў жеңимпазы болған мектеп оқыўшысының ақшалай сыйлығын алыўына жәрдем берди. Яғный жеңимпаз қыз атына банк пластик картасы ашылып, 1 миллион сум ақшалай сыйлығы өткерип берилди.

Ислам Матеков,
Karinform.uz
.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған