Telegram karinform

Жәмийет

  • 16.06.2021 12:17
  • 1280

Абитуриентлер ушын әҳмийетли сораў-жуўаплар (2-бөлим)

Абитуриентлер ушын әҳмийетли сораў-жуўаплар (2-бөлим)
Мәмлекетлик тест орайы мәлимлеме хызмети баслығы Орзиқул Бобоев абитуриентлер тәрепинен берилип атырған сораўларға жуўап берди.

Миллий тест системасы толық енгизилди ме? Барлық пәнлерден сертификат бериў басланды ма?

- Ҳәзирги ўақытқа шекем ана тили ҳәм әдебият, математика, химия ҳәм биология пәнлеринен енгизилип болынды. Усы пәнлерден тест сынағы өткерилип, зәрүр нәтийжеге ерискен талабанларға миллий сертификат тапсырылмақта.
Сондай-ақ, физика пәнинен 2022-жылы енгизилиўи белгиленген болса да, быйыл оның тийкарғы пәнлер қатарына киргизилгенлиги себепли, усы пәннен сертификатлаўды усы жылдан баслап жолға қойыў жобаластырылған.

Быйылдан тәлим бағдарлары санын шексиз таңлаў мүмкиншилиги бола ма?

- Мәмлекетлик тест орайы абитуриентлердиң тәлим бағдарларын таңлаўда шеклеўлерди алып таслаўға байланыслы усынысларды ислеп шықты ҳәм тийисли шөлкемлерге жиберди.
Егер бул усыныс қабыл етилип, нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет тийкарында тастыйықланса әмелге асыўы мүмкин. Ҳәзирше бул бойынша өзгерис жоқ. Сол себепли, ҳәзирде 5 пәнге шекем таңлаў мүмкиншилиги бар.

Өткен жылларда өткерилген тест сынақларында жазыўсыз карта, кесте, сүўретли көринистеги жаңа тест сораўлары қолланылған еди. Быйыл да қолланыла ма?

- Әлбетте. Абитуриентлердиң тест сораўларын тез түсинип алыўы, пикирлеўи ҳәм ўақтын үнемлеўи ушын быйылғы жылы да тарийх, география, сондай-ақ, инглис, немис, француз тиллери, биология ҳәм химия пәнлеринен жазыўсыз карта, кесте, сүўретли көринистеги тест сораўлары болады.

Быйыл 5 пәннен тест сынағы белгиленди, бирақ не ушын 3 саат 30 минут берилди. Өткен жылы 2 пәнге 3 саат ўақыт берилген еди?

- Бул ўақытша тәртип өткен жылы елимизде пандемия шараятын есапқа алған ҳалда енгизилген еди. Быйыл шараят өткен жылға салыстырғанда бирқанша турақлы, сол себепли, Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 3-апрельдеги 261-санлы қарары тийкарында тастыйықланған уставта белгиленгениндей, ҳәр 30 тест сораўына 1 саат ўақыт ажыратылады.

Онлайн дизимнен өтип атырғанда тәлим бағдарларын ҳәм өзбек, ҳәм рус тиллеринде таңлаўға бола ма?

- Яқ, таңлаўға болмайды. Тәлим бағдарларын таңлаўда билимлендириў формасы ҳәм билимлендириў тили бирдей болыўы талап етиледи.

Таярлаған Саёра Шамуратова,
ҚМУ журналистика тәлим бағдары студенти.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

Уқсас жаңалықлар

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

    Лондон Патшалық колледжиниң илимпазлары Лондон Империал колледжиниң кәсиплеслери менен биргеликте лаборатория шараятында жасалма түрде инсан

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Өзбекстан гидрометеорология хызмети агентлиги 17-апрель күни ушын ҳаўа-райы прогнозын жәриялады. Мәлим етилиўинше, ертең, 17-апрель күни Республиканың...

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

      9-апрель күни саат 22:08 де Қарақалпақстан Республикасы, Төрткүл районы «Аққамыс» АПЖ аймағынан өткен А-380 магистрал