Telegram karinform

Жәмийет

  • 18.06.2021 12:19
  • 729

Қарақалпақстанда Сочи мәмлекетлик университети менен биргеликте туризм бағдарында кадрлар таярлаў мәселеси додаланды

Қарақалпақстанда Сочи мәмлекетлик университети менен биргеликте туризм бағдарында кадрлар таярлаў мәселеси додаланды
Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының ректоры Байрам Отемуратов Россия Федерациясындағы билимлендириў тараўы бойынша рейтинги жоқары болған жоқары оқыў орынлары менен еки тәреплеме бирге ислесиўди күшейтиў мақсетинде хызмет сапарында болып турғаны ҳаққында хабар берген едик.

НМПИ ректоры Сочи мәмлекетлик университетинде болып, университет ректоры, профессор Галина Романова менен ушырасты.

Ушырасыўда Россия ҳәм Өзбекстанның жоқары билимлендириў системасындағы бирге ислесиўиниң нәтийжелери, бүгинги жағдайы ҳәм алдағы ўазыйпалар ҳаққында пикир алмасылды.
Қарақалпақстанда Сочи мәмлекетлик университети менен биргеликте туризм бағдарында кадрлар таярлаў мәселеси додаланды
НМПИ ректоры Б.Отемуратов Сочи мәмлекетлик университетиниң бакалавр таярлаў бағдарламасы, соның ишинде, туризм тараўы бойынша кадрлар таярлаўда жоқары нәтийжелерге ерисип киятырғанын айрықша атап өтип, бул бойынша Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты менен биргеликте экологиялық, зыярат, аўыл хожалығы ҳәм мийманхана хызмети туризм бағдарлары бойынша бакалаврлар таярлаў перспективалары бойынша сөйлесиўлер алып барды.

Ушырасыў соңында Сочи мәмлекетлик университети ҳәм Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты арасында илимий-педагогикалық жумысларда бирге ислесиў бойынша шәртнамаға қол қойылды.
Қарақалпақстанда Сочи мәмлекетлик университети менен биргеликте туризм бағдарында кадрлар таярлаў мәселеси додаланды
Қарақалпақстанда Сочи мәмлекетлик университети менен биргеликте туризм бағдарында кадрлар таярлаў мәселеси додаланды

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

        Пекиндеги Синхуа университети толық жасалма интеллект тийкарында ислейтуғын биринши «Агент емлеўханасы»н шөлкемлестирди. Онда 14 виртуал

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған