Telegram karinform

Жәмийет

  • 18.06.2021 15:25
  • 697

Жоқарғы Кеңес Баслығы Президент мектебиниң питкериўшилерин қутлықлады

Жоқарғы Кеңес Баслығы Президент мектебиниң питкериўшилерин қутлықлады
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов пайтахтымыздағы Президент мектебинде өткерилген соңғы қоңыраў илажында қатнасты. Бул ҳаққында Жоқарғы Кеңес баспасөз хызмети хабар берди.

Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикалары мәмлекетлик гимни атқарылды.
Жоқарғы Кеңес Баслығы Президент мектебиниң питкериўшилерин қутлықлады
Илажда Жоқарғы Кеңес Баслығы Президент мектеби питкериўшилерин шын кеўилден қутлықлады, олардың келешекте Ўатанымыздың раўажланыўына, оның халықаралық майдандағы абройының артыўына үлкен үлес қосатуғынына беккем исеним билдирип, оларға бул жолда тасқын табыслар тиледи.

Атап өтилгениндей, Президентимиз тәрепинен Қарақалпақстан Республикасында барлық тараўлар сыяқлы билимлендириў тараўын раўажландырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев орынларда әмелге асырылып атырған реформалар, дөретиўшилик жумыслары, ири жойбарлар менен танысыў мақсетинде 2018-жылдың 15-16-ноябрь күнлери республикамызға сапары ўақтында елимиздиң ҳәр бир аймағында биреўден жаңа типтеги Президент мектеплерин шөлкемлестириў, бул жумысты Қарақалпақстаннан, Нөкис қаласынан баслаўды усыныс еткен еди. Мәмлекетимиз басшысының 2019-жыл 20-февраль күнги «Президент мектеплерин шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында заманагөй, барлық қолайлықларга ийе мектеп пайдаланыўға тапсырылды.
Жоқарғы Кеңес Баслығы Президент мектебиниң питкериўшилерин қутлықлады
Мектепте оқыў процеси қарақалпақ, өзбек тиллеринде, сондай-ақ, «STEAM» билимлендириў бағдарламасы тийкарында алып барылмақта. Математика, физика, химия, биология ҳәм мәлимлеме технологиялары пәнлери инглис тилинде оқытылмақта. Жергиликли оқытыўшылыр менен бир қатарда сырт еллерден тәжирийбели қәнигелер оқыўшы жасларға билим бермекте. Нәтийжеде оқыўшылар өз қәбилетин ҳәм талантын жүзеге шығарыў, дүньяның раўажланған мәмлекетлериниң ең күшли жоқары оқыў орынларында билим алыў имканиятларына ийе болмақта.

Бүгин мектепти 24 оқыўшы питкермекте. Олардың көпшилиги сырт елдиң ең алды жоқары оқыў орынларына кириў бахтына миясар болғанлығы бәршени бирдей қуўандырады.

Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен үлгили, белсенди оқыўшыларға сертификатлар тапсырылып, оларды камалға келтирип, тәрбиялаған ата-аналарына, оларға билим берген муғаллимлерге миннетдаршылық билдирилди.

Илажда соңғы қоңыраў қағылды. Мектеп оқыўшылары атқарыўындағы қосық ҳәм ойынлар жыйналғанларға көтериңки кейпият инам етти.
Жоқарғы Кеңес Баслығы Президент мектебиниң питкериўшилерин қутлықлады
Жоқарғы Кеңес Баслығы Президент мектебиниң питкериўшилерин қутлықлады

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Уқсас жаңалықлар

Президент пәрманы менен 488 шахс әпиў етилди

Президент пәрманы менен 488 шахс әпиў етилди

        Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев мүбәрек Рамазан ҳайыты қарсаңында халқымызға тән жақсылық, кеңпейиллик, адамгершилик, мийрим-шәпәәт

Газ ҳәм электр энергиясы тарифлериниң артыўы 1-майға шекем кешиктирилди

Газ ҳәм электр энергиясы тарифлериниң артыўы 1-майға шекем кешиктирилди

    Президент ҳүкиметке газ ҳәм электр энергиясы тарифлерин арттырыўды 1-майға шекем кешиктириўди тапсырды. Алдын 1-апрельге белгиленген

Өзбекстанда Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди

Өзбекстанда Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди

    Өзбекстанда Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди. Өзбекстанда жетекши исбилермен ҳаяллардан ибарат Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди. Бул