Telegram karinform

Спорт

  • 19.06.2021 18:19
  • 921

Бокс бойынша қызлар арасында өткерилген Өзбекстан чемпионатында қарақалпақстанлы боксшы қызлар 13 медальды қолға киргизди

Бокс бойынша қызлар арасында өткерилген Өзбекстан чемпионатында қарақалпақстанлы боксшы қызлар 13 медальды қолға киргизди
Усы жылдың 14-июнь күни Қашқадәрья ўәлаятының Қаршы қаласында жас өспирим қызлар арасында спорттың бокс түри бойынша Өзбекстан чемпионатына старт берилгени ҳаққында алдын хабар берген едик.

Жарыс еки жас категориясында – 2005-2006 ҳәм 2007-2008-жылларда туўылған қызлар арасында өткерилди. Жарыста Өзбекстанның барлық аймақларынан 290 ға шамалас боксшы қызлар медальлар ушын күш сынасты.

2007-2008-жылларда туўылған жас өспирим қызлар арасында Қарақалпақстан Республикасынан:

67 кг салмақ категориясында Жанерке Абдалова алтын медаль;
46 кг салмақта Зухра Тасқынбаева гүмис медаль;
55 кг салмақ категориясында Айзада Нийетбаева гүмис медаль;
55 кг салмақта Сахиба Йўлдашева бронза медаль;
40 кг салмақта Азиза Мергенбаева бронза медаль;
61 кг салмақта Айнура Бекжанова бронза медалын қолға киргизди ҳәм 1 алтын, 2 гүмис ҳәм 3 бронза медалы менен Қарақалпақстан Республикасы улыўма командалық есапта 5-орынды бәнтледи.

2005-2006-жылларда туўылған қызлар арасында республикамыз боксшылары әжайып нәтийжени қолға киргизди. Атап айтқанда:

54 кг салмақ категориясында Гүлдана Тилеўбергенова алтын медаль;
57 кг салмақта Рано Муратбаева алтын медаль;
42 кг салмақ категориясында Лайло Нуруллаева гүмис медаль;
46 кг салмақта Диларам Генжебаева гүмис медаль;
54 кг салмақ категориясында Гүлчеҳра Қәдирбаева бронза медаль;
60 кг салмақта Гүлистан Пиримбетова бронза медаль;
80+ кг салмақ категориясында Меҳрибан Салиева бронза медалын жеңип алды. Бул жас категориясында республикамыз 2 алтын, 2 гүмис ҳәм 3 бронза медалы менен улыўма командалық есапта сыйлы 2-орынды ийеледи.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...