Telegram karinform

Жәмийет

  • 05.07.2021 16:21
  • 830

Магистратура қәнигеликлерине қабыллаў қандай тәртипте әмелге асырылады?

Магистратура қәнигеликлерине қабыллаў қандай тәртипте әмелге асырылады?
Өзбекстан Республикасы Президентиниң «2021-2022-оқыў жылында Өзбекстан Республикасының жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаўдың мәмлекетлик буйыртпасы параметрлери ҳаққында»ғы қарарына муўапық:

2021-2022-оқыў жылы қабыллаўында мәмлекетлик жоқары оқыў орынларының магистратура (клиникалық ординатура) қәнигеликлерине оқыўға қабыллаў еки басқышта әмелге асырылады. Бунда:

- биринши басқышта мәмлекетлик жоқары оқыў орны тәрепинен сайланған қәнигеликке сәйкес пәнлер бойынша кириў имтиханлары;

- екинши басқышта Мәмлекетлик тест орайы тәрепинен шет тили бойынша тест сынақлары өткериледи.

Шет тили бойынша тийисли дәрежедеги миллий ямаса халықаралық сертификатқа ийе болған абитуриентлер екинши басқышта тест сынағын тапсырыўдан азат етиледи ҳәм оларға усы пән бойынша максимал балл бериледи.

Магистратура қәнигелигине сәйкес пәнлер бойынша имтиханлардың нәтийжелери имтихан өткерилгеннен кейин үш күн мүддетте мәмлекетлик жоқары оқыў орны тәрепинен мәкемелер аралық электрон мәлимлеме алмасыў системасы арқалы Мәмлекетлик тест орайына жибериледи және усы оқыў орнының рәсмий веб-сайтында жәрияланады.

Абитуриенттиң шет тили бойынша тест сынағынан топлаған баллары ҳаққындағы мағлыўмат тест сынақлары өткерилген күнниң ертеңине ҳәм магистратураға қабыллаў бойынша таңлаў нәтийжелери тест сынақлары толық жуўмақланғаннан соң бир ҳәпте мүддетте Мәмлекетлик тест орайының рәсмий веб-сайтында жәрияланады.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

Уқсас жаңалықлар

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

    Түнги ўақытта саат 23.00 ден 06.00 ге шекем пуқаралардың тынышлығын ҳәм нормал дем алыўын бузыў,

Газ ҳәм электр энергиясы тарифлериниң артыўы 1-майға шекем кешиктирилди

Газ ҳәм электр энергиясы тарифлериниң артыўы 1-майға шекем кешиктирилди

    Президент ҳүкиметке газ ҳәм электр энергиясы тарифлерин арттырыўды 1-майға шекем кешиктириўди тапсырды. Алдын 1-апрельге белгиленген

Контракт толық төленбесе, студентти жуўмақлаўшы ямаса аралық имтиханларға киргизбеў мүмкин бе?

Контракт толық төленбесе, студентти жуўмақлаўшы ямаса аралық имтиханларға киргизбеў мүмкин бе?

    Контрактын төлемеген студентти жуўмақлаўшы ямаса аралық имтиханларға киргизбеў нызамлы тийкарға ийе емес. Егер студент улыўма