Telegram karinform

Жәмийет

  • 08.07.2021 15:58
  • 627

Берунийде бир неше пуқараларды алдап, ақшаларын алып жүрген пуқара усланды

Берунийде бир неше пуқараларды алдап, ақшаларын алып жүрген пуқара усланды
Елликқала районы «Дослық» АПЖда турақлы дизимге алынған, бирақ Беруний районында жасайтуғын Р.М. усы жылдың басында Беруний районында жасайтуғын Д.К.ға жуўапкер лаўазымда ислейтуғынын билдирип, дәрихана ашыўға жәрдем бериўин айтып, өзиниң жалған ўәделерине исендирип, 1000 АҚШ доллары пулын алған.

Беруний районлық ИИБның мәлим етиўинше, аңсат табылған пулдан кеўли көтерилген Р.М. Хорезм ўәлаятындағы санаторияда дем алыў ушын жатып, ол жерде өзин «тергеўши» сыпатында таныстырып, оған арызын айтқан шыпакерлерден бириниң пулларын өндирип бериўи және басқа да машқалаларды шешип бериўин айтып, оның 1050 АҚШ доллары муғдарындағы пулларын қолға киргизген.

Сондай-ақ, Р.М. ҳәр қыйлы ўәделер менен Беруний районында жасайтуғын И.Ф., У.Р., Ф.Б. лардың пуллары ҳәм мүлкин қолға киргизип келген.

Пуқараларды алдап жүрген бул адамның алдаўлары узаққа бармады, ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлери тәрепинен усланды. Оған Беруний районлық ИИБ жанындағы Тергеў бөлимшеси тәрепинен Жынаят кодексиниң тийисли статьялары менен жынаят иси ашылып, қамаққа алыў шарасы қолланылған.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған