Telegram karinform

Жәмийет

  • 12.07.2021 11:17
  • 1004

Кегейлиде жүз берген ЖТҲда еки пуқара қайтыс болды

Кегейлиде жүз берген ЖТҲда еки пуқара қайтыс болды
Усы жылдың 10-июль күни саат 14:30 лар шамасында Кегейли районы аймағынан өтиўши 4Р-178 Қумшүңгил-Темиржол с/т-Қазанкетген аўылы автомобиль жолының 3-4-километринде, 4К-3 «Г» Халқабад айланба жолы кесилиспесинде Шымбай районы «Қамысарық» АПЖда жасаўшы транспорт басқарыўшысы И.У. өзиниң атында болған «ГАЗ-5312» маркалы автомашинасын басқарып киятырып, биринши дәрежели жолдан өз жөнелиси бойлап ҳәрекетленип киятырған, Кегейли районы «Ақтуба» АПЖда жасаўшы, 1979-жылы туўылған С.М. басқарыўындағы «Нөкис қаласы ООО «INDIGO TRANS»қа тийисли болған «ISUZU SAZ NP37» маркалы автомобили менен соқлығысқан. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы ИИМ ЖҲҚБ баспасөз хызмети хабар берди.

Ўақыя ақыбетинде «ISUZU SAZ NP37» маркалы транспорт қуралының ишинде жолаўшы сыпатында киятырған Кегейли районы «Жүзимбағ» АПЖда жасаўшы 1951-жылы туўылған пуқара А.С. Кегейли районлық емлеўханасының реанимация бөлимине жеткерилиўине қарамастан, алған дене жарақаты ақыбетинде өзине келместен қайтыс болған. Сондай-ақ, Кегейли районы Халқабад посёлкасында жасаўшы 1971-жылы туўылған пуқара Ж.Р. алған дене жарақаты ақыбетинде ўақыя орнында қайтыс болған.

Ўақыяда «ISUZU SAZ NP37» маркалы транспорт қуралының басқарыўшысы дене жарақатын алып, районлық емлеўханаға жеткерилген.

Жүз берген усы ўақыя бойынша Кегейли районлық ИИБ тергеў бөлими тәрепинен Өзбекстан Республикасы ЖКның 266-статьясы 3-бөлими «а» бәнти менен жынаят иси ашылып, дәслепки тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

            2025-жыл 30-июньнен баслап, визасыз Россияға киретуғын сырт ел пуқаралары «Gosuslugi RUID» мобиль қосымшасында дизимнен өтип,