Telegram karinform

Жәмийет

  • 12.07.2021 16:35
  • 723

Ҳүжжет тапсырыўда не ушын және үзилислер жүз бермекте? Мәмлекетлик тест орайы жуўап берди

Ҳүжжет тапсырыўда не ушын және үзилислер жүз бермекте? Мәмлекетлик тест орайы жуўап берди
Мәмлекетлик тест орайының абитуриентлерди онлайн дизимге алыў системасы Мәмлекетлик персоналластырыў орайы менен интеграцияланған болып, абитуриентлердиң паспорт мағлыўматлары Мәмлекетлик персоналластырыў орайынан алынады.

Буның ушын абитуриент дизимнен өтиў ўақтында жеке идентификациялық номери және паспорт сериясы ҳәм номерин бағдарламаға киргизгенде, усы мағлыўматлар тийкарында Мәмлекетлик персоналластырыў орайына сораў жиберилип, абитуриенттиң фамилиясы, аты, әкесиниң аты, туўылған сәнеси, сүўрети сыяқлы мағлыўматлар Мәмлекетлик персоналластырыў орайының базасынан реал ўақытта алынады.

Мәмлекетлик тест орайының хабар бериўинше, ҳәзирги ўақытта Мәмлекетлик персоналластырыў орайы базасы ислемей турғаны себепли my.dtm.uz сайтында үзилислер жүзеге келмекте.

Мәмлекетлик персоналластырыў орайы тәрепинен усы машқаланы сапластырыў бойынша тийисли жумыслар алып барылмақта, - деп жазылған хабарда.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған