Telegram karinform

Жәмийет

  • 16.07.2021 17:20
  • 999

Қабыллаў жуўмақланыўына санаўлы күнлер қалды. Мәмлекетлик тест орайы абитуриентлерге мүрәжат етти

Қабыллаў жуўмақланыўына санаўлы күнлер қалды. Мәмлекетлик тест орайы абитуриентлерге мүрәжат етти
Көпшиликтиң хабары бар, ҳәзирги ўақытта жоқары оқыў орынларының бакалавриат тәлим бағдарларына оқыўға кириў ушын абитуриентлерди онлайн дизимге алыў даўам етпекте.

Дизимге алыў процеси Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы – my.gov.uz ҳәм Мәмлекетлик тест орайының my.dtm.uz сайты арқалы әмелге асырылмақта. Дизимге алыў процеси усы жылдың 22-июль күнине шекем (сол күни де) даўам етеди.

Мәмлекетлик тест орайы қабыллаў процесслери жуўмақланыўына аз ўақыт қалғаны, айырым абитуриентлер жеке мағлыўматларын киргизген болса да, елеге шекем тәлим бағдарларын сайламағаны, алдынғы жылларда питкерген абитуриентлер дизимнен өткеннен соң тест сынағы ушын төлемди әмелге асырыўы кереклиги, шет тилинен халықаралық сертификатларды тексериў белгили бир ўақытты талап етиўин есапқа алған ҳалда абитуриентлерге қабыллаўдың соңғы күнин күтпестен ертелеў дизимнен өтиўин усыныс етеди.

Мәмлекетлик тест орайы тәрепинен онлайн дизимнен өтиў бойынша бирнеше видеороликлер исленген болып, абитуриентлер усы видеороликлер арқалы дизимнен өтиўдиң барлық басқышлары ҳаққында толық мағлыўматқа ийе болыўы мүмкин.

Жоқары оқыў орынларына кириў ушын онлайн дизимнен өтиў бойынша видеоқолланба


Тест сынақлары ушын онлайн дизимнен өтиўдиң барлық басқышлары бойынша ең әҳмийетли мағлыўматлар


Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

        12-май күни Американың IT гигантлары Google ҳәм Амазон өзиниң логотиплерин көп жыллар даўамында биринши мәрте

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы