Telegram karinform

Жәмийет

  • 28.07.2021 16:49
  • 782

Қарақалпақстандағы автомобиль жоллары шетиндеги нызамсыз реклама объектлери алып тасланыўы ескертилди

Қарақалпақстандағы автомобиль жоллары шетиндеги нызамсыз реклама объектлери алып тасланыўы ескертилди
Қарақалпақстан Республикасындағы реклама бойынша хызмет көрсетиўши субъектлер дыққатына!!!

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 9-декабрьдеги «Жол тараўын басқарыў системасын буннан былай да жетилистириўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-4545-санлы қарары ҳәм Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 20-февральдағы «Сыртқы реклама базарын тәртипке салыў ҳаққында»ғы 104-санлы қарарына муўапық, Қарақалпақстан Республикасындағы улыўма пайдаланыўдағы автомобиль жолларында жайласқан реклама объектлери (конструкциялары) Автомобиль жоллары комитетиниң рухсаты менен жайластырылыўы керек екенлиги көрсетип өтилген.

Егер де сиз улыўма пайдаланыўдағы халықаралық, мәмлекетлик ҳәм жергиликли әҳмийеттеги автомобиль жолларына ажыратылған аймақларда тийкарсыз түрде реклама объектлерин (конструкцияларын) орнатқан болсаңыз, өз рекламалық объектиңизди нызамлы түрде орнатыў ушын Қарақалпақстан Республикасы Автомобиль жоллары аймақлық бас басқармасына мүрәжат етиўиңиз тийис. Сондай-ақ, бул бойынша жергиликли ҳәкимият уйымларына мүрәжат етиўиңизге болады.

Ҳәзирги ўақытта әмелде дүзилген шәртнамаларда көрсетилген есап бети өзгерген.

Нызамсыз түрде орнатылған сыртқы реклама объектлери алып тасланыўы ҳәм оларға тийисли шара көрилетуғынлығын ескертемиз.

Бизиң мәнзилимиз: Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қаласы, Хожели гузары 16-жай.

Байланыс ушын телефонлар: +99861 225-13-44, +99890 709-40-00.

Қарақалпақстан Республикасы Автомобиль жоллары аймақлық бас басқармасы мәлимлеме хызмети.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

Уқсас жаңалықлар

ChatGPT менен турақлы сөйлесиў қәўипли ақыбетлерге алып келиўи мәлим етилди

ChatGPT менен турақлы сөйлесиў қәўипли ақыбетлерге алып келиўи мәлим етилди

Психологлар жасалма интеллект пенен сөйлесиў, әсиресе, жасларға унамсыз тәсир етиўи мүмкинлигинен қәўетерленип атыр.  OpenAI ҳәм Массачусетс...

Қәдириятларың мәңги болсын, Наўрыз! (+фоторепортаж)

Қәдириятларың мәңги болсын, Наўрыз! (+фоторепортаж)

    Усы жылдың 20-март күни халқымыз ушын ең әзиз байрамлардан бири – Наўрыз үлкен салтанат пенен

Өзбекстанда жоқары муғдарда пенсияға шығыў ушын нелерге итибар бериў керек?

Өзбекстанда жоқары муғдарда пенсияға шығыў ушын нелерге итибар бериў керек?

    Пенсия қоры Өзбекстанда жоқары муғдарда пенсияға шығыў ушын нелерге итибар бериў керек екенлиги ҳаққында усыныслар