Telegram karinform

Жәмийет

  • 31.07.2021 19:14
  • 710

Тереклердиң нызамға қайшы түрде кесилиўи бойынша ең жоқары көрсеткиш Қарақалпақстанда

Тереклердиң нызамға қайшы түрде кесилиўи бойынша ең жоқары көрсеткиш Қарақалпақстанда
Бүгин, 31-июль күни болып өткен Олий Мажлис Сенатының он жетинши улыўмалық мәжилисинде ӨзР Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитетиниң мәмлекетлик тоғай қорына кирмейтуғын терек ҳәм путалардың кесилиўине байланыслы мәселелер бойынша мәлимлемеси тыңланды.

Президент пәрманы тийкарында тереклерди кесиўге мораторий жәрияланғанына қарамастан, тереклердиң нызамға қайшы түрде кесилиўи елеге шекем даўам етпекте. Атап өтилиўинше, ҳуқықбузарлықларды әмелге асырған адамлар жәрийманы төлеп, және усындай ҳәрекетлерин даўам еттирмекте.

Мағлыўматларға қарағанда, 2021-жылдың 6 айы даўамында республикада терек ҳәм путалардың нызамға қайшы түрде кесилиўи менен байланыслы 2597 ҳуқықбузарлық әмелге асырылған ҳәм өсимлик дүньясына 6,7 миллиард сумлық зыян жеткерилген.

2021-жылдың басынан терек ҳәм путалардың нызамға қайшы түрде кесилиўи және зыян жеткерилиўи менен байланыслы жағдайлар Өзбекстан аймақлары кесиминде анализ етилгенде, ең жоқары көрсеткиш Қарақалпақстан Республикасына туўра келмекте. Яғный, Қарақалпақстанда жыл басынан берли усындай 1065 жағдай анықланған.

Оннан кейинги орынларда Самарқанд (609), Қашқадәрья (534), Наўайы (349), Ташкент (344) ўәлаятлары көрсетип өтилген.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында