Telegram karinform

Жәмийет

  • 02.08.2021 15:28
  • 609

Кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханларын тапсыратуғын абитуриентлер мәжбүрий пәнлерден тест тапсыра ма?

Кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханларын тапсыратуғын абитуриентлер мәжбүрий пәнлерден тест тапсыра ма?
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 27-февральдағы «Педагогикалық билимлендириў тараўын буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық, айрықша қәбилет талап етилетуғын педагогикалық билимлендириў тараўының бакалавриат тәлим бағдарларына оқыўға қабыллаў ушын кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлар менен биргеликте мәжбүрий үш пәннен – ана тили (өзбек, рус ямаса қарақалпақ тили), математика ҳәм Өзбекстан тарийхы пәнлери бойынша тест сынақларын тапсырыў тәртиби енгизилди.

Бул бакалавриат тәлим бағдарлары төмендегилер:

5111100 – Музыкалық тәлим;
5110800 – Сүўретлеў өнери ҳәм инженерлик графикасы;
5112000 – Дене мәденияты;
5112300 – Мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлимде денетәрбия ҳәм спорт.

Бунда қағыйда тәризинде, мәжбүрий үш пән бойынша тест сынақлары кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлар нәтийжелери жәрияланғаннан соң өткериледи. Абитуриентлер тест өткерилетуғын ўақыт ҳаққындағы мағлыўматларды Мәмлекетлик тест орайының my.dtm.uz сайтындағы жеке кабинетинен жүклеп алынатуғын «Абитуриент рухсатнамасы» арқалы билип алыўы мүмкин.

Усы орында атап өтиў орынлы, Мәмлекетлик комиссияның 2-санлы протоколына муўапық, спорт түрлери және паралимпия спорт түрлери бойынша Азия ҳәм республикалық чемпионатларда соңғы үш жылда жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийеси болған спортшы-оқыўшыларға 2021-2022-оқыў жылы қабыллаўында тек ғана «Спорт хызмети (хызмет түрлери бойынша)» ҳәм «Дене мәденияты» бакалавриат тәлим бағдарлары бойынша мәжбүрий үш пәннен – ана тили (өзбек, рус, қарақалпақ ҳәм басқа тиллер), математика ҳәм Өзбекстан тарийхы пәнлери бойынша тест сынақларынан азат еткен ҳалда максимал балл бериледи.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

Уқсас жаңалықлар

АҚШ визасын алмақшы болғанлардың социаллық тармақлары тексериледи

АҚШ визасын алмақшы болғанлардың социаллық тармақлары тексериледи

        АҚШтың студентлик ҳәм басқа түрдеги визаларын алажақ болған адамлардың социаллық тармақлары тексериледи. Мәмлекетлик хаткер Марко

Өзлестириў көрсеткиши жоқары болған социаллық белсенди студентлерге тәлим гранты бериледи

Өзлестириў көрсеткиши жоқары болған социаллық белсенди студентлерге тәлим гранты бериледи

    ️Енди жоқары курслардағы өзлестириўи жақсы ҳәм социаллық белсенди студентлер толық ямаса белгили бир бөлеги муғдарында

Контракт толық төленбесе, студентти жуўмақлаўшы ямаса аралық имтиханларға киргизбеў мүмкин бе?

Контракт толық төленбесе, студентти жуўмақлаўшы ямаса аралық имтиханларға киргизбеў мүмкин бе?

    Контрактын төлемеген студентти жуўмақлаўшы ямаса аралық имтиханларға киргизбеў нызамлы тийкарға ийе емес. Егер студент улыўма