Telegram karinform

Жәмийет

  • 09.08.2021 15:27
  • 1226

Қарақалпақстанлы студент математика бойынша халықаралық олимпиадада алтын медальды қолға киргизди

Қарақалпақстанлы студент математика бойынша халықаралық олимпиадада алтын медальды қолға киргизди

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети студенти Камал Садиков усы жылдың 2-7-август күнлери аралығында университет студентлери арасында өткерилген Халықаралық математика жарысы (IMC – International Mathematical Competition)нда алтын медальды қолға киргизди. Бул ҳаққында Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги хабар берди.

Халықаралық олимпиадаға дүньяның 50 ден аслам мәмлекетлеринен 600 ге шамалас студентлер қатнасты. Олар арасында Massachusetts Institute of Technology, Stanford University, Carnegie Mellon University (АҚШ), Saint-Petersburg State University, Moscow Institute of Physics and Technology (Россия), Rheinische Friedrich-Wilhelms-Universität Bonn, Georg-August-Universität Göttingen (Германия), University of Cambridge, University College London, Imperial College London, University of Manchester (Уллы Британия) сыяқлы дүньяның жетекши ҳәм абыройлы жоқары оқыў орынларының студентлери де бар.

Өзбекстан сайланды командасына төрт басқышлы сайлап алыў нәтийжелерине муўапық улыўма 17 студент қабыл етилген болып, олар арасында қарақалпақстанлы Камал Садиковтың да бар екенлиги халқымызды қуўанышқа бөледи. Студентлердиң усы халықаралық олимпиадада мүнәсип қатнасыўын тәмийинлеў мақсетинде усы жылдың март-июль айларында В.И.Романовский атындағы Математика институтының қәнигели оқытыўшылары Б.Қурбонбоев ҳәм Ф.Ҳайдаровлар тәрепинен таярлық оқыў шынығыўлары алып барылды.

Нәтийжеде усы халықаралық олимпиадада Өзбекстан командасы 5 алтын, 6 гүмис ҳәм 4 бронза медалы, сондай-ақ, 2 ҳүрмет жарлығын қолға киргизди.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

        Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index  (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет