Telegram karinform

Жәмийет

  • 11.08.2021 17:48
  • 669

Республикалық арнаўлы комиссия мусылманлар басқармасы ҳәм дин ислери комитетиниң усынысларын мақуллады

Республикалық арнаўлы комиссия мусылманлар басқармасы ҳәм дин ислери комитетиниң усынысларын мақуллады
Республикалық арнаўлы комиссияның гезектеги жыйналысында халыққа диний ибадатларды әмелге асырыў ушын қолайлы шараятлар жаратыў бойынша Өзбекстан мусылманлары басқармасы және Дин ислери бойынша комитет тәрепинен киргизилген усыныслар ҳәр тәреплеме додаланды.

Додалаўлар нәтийжесине муўапық, Өзбекстан мусылманлары басқармасы ҳәм Дин ислери бойынша комитеттиң 2021-жыл 13-августтан баслап:

- мешитлердиң барлық жумысшы ҳәм хызметкерлери (денсаўлығы бойынша қарсы көрсетпе болған хызметкерлер буған кирмейди) коронавирусқа қарсы вакцинаның (түрине қарамастан) кеминде 2 дозасы менен шаншылғаны ҳаққындағы сертификатқа ийе болған жағдайда усы мешитлерде жума намазын өткериўге рухсат бериў;

- мешитлерге жума намазын оқыў ушын коронавирусқа қарсы вакцина менен шаншылғаны ҳаққындағы QR-коды ямаса сертификаты болған келиўшилерди киргизиў (денсаўлығы бойынша қарсы көрсетпе болғанлар буған кирмейди) ҳаққындағы усыныслары Республикалық арнаўлы комиссия тәрепинен мақулланды.

Республикада жумыс алып барып атырған басқа диний конфессияларға тийисли диний шөлкемлерге де усы тәртипти енгизиў усыныс етилди.

Соның менен бирге, диний ибадатларды атқарыў ўақтында келиўшилердиң медициналық нықапта болыўы және социаллық аралықты сақлаў бойынша карантин шеклеўлерине қатаң әмел етилиўи кереклиги көрсетип өтилди.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

        Президент тапсырмасына бола, автомобиль жолларында ҳәрекетлениў тәртибин буннан былай да жетилистириў, айдаўшыларға қосымша қолайлықлар жаратыў