Telegram karinform

Жәмийет

  • 11.08.2021 18:38
  • 840

Мораторий жәрияланғанына қарамастан Нөкисте тереклердиң кесилиўи даўам етпекте. Жаслар парламенти ағзасы экокомитетке мүрәжат етти

Мораторий жәрияланғанына қарамастан Нөкисте тереклердиң кесилиўи даўам етпекте. Жаслар парламенти ағзасы экокомитетке мүрәжат етти
Президент пәрманы тийкарында тереклерди кесиўге мораторий жәрияланғанына қарамастан, тереклердиң нызамға қайшы түрде кесилиўи елеге шекем даўам етпекте. Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты жанындағы Жаслар парламенти ағзасы Ғайратдин Сейтеков өз каналында Нөкис қаласы орайындағы И.Кәримов гүзарында бирнеше тереклердиң кесип тасланғаны бойынша фотоларды жәриялады ҳәм бул бойынша ҚР Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитетинен рәсмий мүнәсибет берилиўин сорады.
Мораторий жәрияланғанына қарамастан Нөкисте тереклердиң кесилиўи даўам етпекте. Жаслар парламенти ағзасы экокомитетке мүрәжат етти
«Президент пәрманына муўапық, тереклер ҳәм путаларды кесиўге енгизилген мораторий 2021-жылдың 31-декабрине шекем узайтылған еди. Усы ҳүжжет тийкарында ҳәр бир кесилген терек ҳәм путалар ушын компенсация тәризинде 10 түп қунлылығы жағынан кесилетуғын терек ҳәм путалардан кем болмаған, үлкен көлемдеги нәл отырғызыў және оларды кеминде еки жыл даўамында тәрбиялаў миннетлемеси киргизилген, - дейди Ғайратдин Сейтеков биз бенен сәўбетте. – Сондай-ақ, нызамға қайшы түрде кесилген терек ҳәм путалар ушын болса, үш жыл даўамында тәрбиялаў шәрти менен 100 түп нәл отырғызыў мәжбүрий есапланады».
Мораторий жәрияланғанына қарамастан Нөкисте тереклердиң кесилиўи даўам етпекте. Жаслар парламенти ағзасы экокомитетке мүрәжат етти
Мораторий жәрияланғанына қарамастан Нөкисте тереклердиң кесилиўи даўам етпекте. Жаслар парламенти ағзасы экокомитетке мүрәжат етти
Еслетип өтемиз, 2021-жылдың басынан терек ҳәм путалардың нызамға қайшы түрде кесилиўи және зыян жеткерилиўи менен байланыслы жағдайлар Өзбекстан аймақлары кесиминде анализ етилгенде, ең жоқары көрсеткиш Қарақалпақстан Республикасына туўра келгенлиги ҳаққында алдын хабар берген едик. Яғный, Қарақалпақстанда жыл басынан берли усындай 1065 жағдай анықланған.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

        Германияда адамлар өлгеннен кейин келешекте қайта тирилиўи ушын денелерин ўақтынша музлатып қойыў хызмети иске түсти.

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

    Өткен ҳәптеде Олий Мажлис Нызамшылық палатасында болып өткен дөгерек сәўбетинде онлайн-платформалар бойынша нызам жойбары ҳаққында