Telegram karinform

Жәмийет

  • 23.08.2021 17:14
  • 763

«Өзгидромет» ҳаўа райы қашаннан баслап салқынланыўы ҳаққында мағлыўмат берди

«Өзгидромет» ҳаўа райы қашаннан баслап салқынланыўы ҳаққында мағлыўмат берди
Усы ҳәптеде Өзбекстан аймағында август айының соңғы он күнлигине тән болған, тийкарынан алағат бултлы ыссы ҳаўа райы, күшсиз, айырым жерлерде бираз есетуғын самаллар үстинлик етеди, деп хабар берди «Өзгидромет».

Таўлы аймақларда, тийкарынан тыныш ҳаўа райы болыўы күтилмекте. Тек ғана Ташкент ўәлаяты ҳәм Ферғана ойпаты ўәлаятларында 23-24-август күнлери таў ҳәм таў алды аймақларында шақмақ шағып, жаўын жаўыўы мүмкин.

Ҳәптениң биринши ярымында республика аймағында нормадан 2-3 градусқа жоқары болған ыссы ҳаўа райы сақланып турады. Ал ҳәптениң екинши ярымында температура фоны әсте-ақырын төменлей баслайды. Ҳәпте даўамында температура түнде 17-22 градус, күндизги ўақытларда 23-26-августта 33-38 градус, 27-28-августта 31-36 градус әтирапында болады.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

Уқсас жаңалықлар

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

    Лондон Патшалық колледжиниң илимпазлары Лондон Империал колледжиниң кәсиплеслери менен биргеликте лаборатория шараятында жасалма түрде инсан

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Өзбекстан гидрометеорология хызмети агентлиги 17-апрель күни ушын ҳаўа-райы прогнозын жәриялады. Мәлим етилиўинше, ертең, 17-апрель күни Республиканың...

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

      9-апрель күни саат 22:08 де Қарақалпақстан Республикасы, Төрткүл районы «Аққамыс» АПЖ аймағынан өткен А-380 магистрал