Telegram karinform

Жәмийет

  • 24.08.2021 16:04
  • 648

Төрткүлде пуқараға Ишки ислер уйымы хызметкерлери тәрепинен жарақат жеткерилгени ҳаққындағы мүрәжат бойынша прокуратура баянат берди

Төрткүлде пуқараға Ишки ислер уйымы хызметкерлери тәрепинен жарақат жеткерилгени ҳаққындағы мүрәжат бойынша прокуратура баянат берди
Социаллық тармақларда пуқара Ю.Ж.М.ның иниси Р.Ж.М.ға Төрткүл районлық ИИБ хызметкерлери тәрепинен дене жарақаты жеткерилгени себепли ИИБ хызметкерлерине шара көриўди сораған мүрәжаты тарқалды.

ҚР Прокуратурасының мәлим етиўинше, ҳәзирги ўақытта усы жағдай бойынша Төрткүл районлық прокуратурасы тәрепинен тергеўге шекемги тексериў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Жағдай бойынша Төрткүл районлық ИИБ хызметкерлериниң ис-ҳәрекетлери бойынша хызмет тексериўи ҳәм пуқара Р.Ж.М.ға жеткерилген дене жарақаты бойынша суд-медициналық экспертизасы тайынланған.

Усы тергеўге шекемги тексериў ҳәрекети Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасы тәрепинен қадағалаўға алынған.

Нәтийжеси бойынша қосымша мағлыўмат бериледи.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған