Telegram karinform

Жәмийет

  • 25.08.2021 15:58
  • 829

Президент сайлаўын өткериўде коронавирус тарқалыўының алдын алыў бойынша Инструкция тастыйықланды

Президент сайлаўын өткериўде коронавирус тарқалыўының алдын алыў бойынша Инструкция тастыйықланды
Бул ҳаққында 1-Қарақалпақстан округлик сайлаў комиссиясы Баспасөз орайы хабар берди. Инструкцияға муўапық:

Сайлаў округлери ҳәм участкаларда, даўыс бериў бөлмелеринде сайлаў комиссиясы ағзалары, сайлаўшылар, бақлаўшылар ҳәм ҒХҚ ўәкиллери: температураны өлшеў ушын термометр, пирометр, қорғаныў нықабы, бир мәртелик медициналық қолғап (сайлаў комиссиясы ағзалары ушын), антисептикалық суйықлық (санитайзер) сыяқлы қорғаў ҳәм профилактикалық затлардан пайдаланыўы талап етиледи.

Сайлаў процеси қатнасыўшылары қорғаныў нықабынан пайдаланыўы, қол берип сәлемлесиў ямаса тиккелей контактке кирисиўдиң басқа формаларынан сақланыўы, социаллық аралыққа әмел етиўи керек. Округлик ҳәм участкалық сайлаў комиссиялары орналасқан имаратлардың кириў бөлиминде ҳәм даўыс бериў бөлмесинде социаллық аралықты сақлаў ушын 1,5-2 метрлик аралық қашықлықты белгилеўши және ҳәрекетлениў бағдарын көрсетиўши сызықлар болыўы зәрүр.

Округлик ҳәм участкалық сайлаў комиссиялары орналасқан имаратларға бириктирилген медицина хызметкери сайлаў комиссиялары имаратларының кириў бөлиминде келиўшилердиң дене температурасын өлшейди, антисептикалық затлар менен қолларын дезинфекциялайды ҳәм қорғаныў нықабында болыўын қадағалайды, зәрүрликке қарай қорғаныў нықабы бериледи.

Участкалық сайлаў комиссиялары ағзалары жумыс процесинде жеке қорғаныў қуралларынан (қорғаныў нықабы, антисептикалық затлар) пайдаланыўы шәрт.

Сайлаў күни даўыс бериў басланыўынан кеминде алты саат алдын барлық участкалық сайлаў комиссияларының даўыс бериў имаратлары ҳәм бөлмелери дезинфекцияланады.

Сайлаў участкасы «қызыл» ямаса «сары» аймаққа туўра келген жағдайда комиссия ағзалары жумыс процеси даўамында мәжбүрий пайдаланыўы ушын қорғаныў қураллары менен тәмийинленеди. Оған муўапық, тийислилиги бойынша: арнаўлы комбинезон, халат, дем алыў системасын қорғаў ушын – медициналық нықап, көриў органларын қорғаў ушын – жүз ушын пластмассалы нықап, қолларды қорғаў ушын – медициналық қолғап, қол ҳәм жүз терисин дезинфекциялайтуғын затлар, еритпелер, қурамында хлор ҳәм спирт болған затлар.

Сайлаўшылар ҳәм сайлаў процесиниң басқа қатнасыўшыларының дене температурасы 37 градус ҳәм оннан жоқары болған жағдайда олар даўыс бериў бөлмесине киргизилмейди.

Бунда дене температурасы 37 градус ҳәм оннан жоқары болған сайлаўшылар ушын өз алдына ажыратылған орынларда (имараттың кириў бөлими ҳәм басқалар) участкалық сайлаў комиссиясының еки ағзасы таярлығында көшпели сайлаў қутылары ҳәм кабиналарынан пайдаланған ҳалда жасырын даўыс бериў ҳуқықы тәмийинленеди.

Коронавирус инфекциясынан үй шараятында емленип атырған сайлаўшының турған (жасаў) орнында даўыс бериў шөлкемлестириледи.

Сайлаўшы ҳәм комиссия ағзалары арасында социаллық аралық сақланған ҳалда сайлаўшының шахсы анықланады, соң комиссия ағзасы сайлаўшыға целлофан пакетке салынған топламды ҳәм қолтаңба қойыўы ушын сайлаўшылар дизиминен көширмени береди. Сайлаўшы нықап ҳәм қолғапты таққан ҳалда сайлаў бюллетенин алғаны ҳаққында сайлаўшылар дизими көширмесине қолтаңбасын қояды. Сайлаўшыға жасырын даўыс бериў ҳуқықы тәмийинленеди. Буннан соң сайлаўшы сайлаў бюллетенин көшпели сайлаў қутысына таслайды.

Коронавирус инфекциясынан стационар емлеў мәкемелеринде емленип атырғанлар ҳәм усы орынлардың жумысшы-хызметкери болған сайлаўшылардың даўыс бериўин шөлкемлестириў ушын усы мәкемелерде сайлаў участкалары дүзилиўи мүмкин. Жасырын даўыс бериўди шөлкемлестириў ушын усы категориядағы имаратларда көшпели даўыс бериў кабиналарынан пайдаланылады.

Барлық даўыс бериў имаратларында даўысларды санап шығыўда дәслеп комиссия ағзаларының қоллары ҳәм даўыс бериў қутылары дезинфекцияланады, соңынан санаў процесин социаллық аралықты сақлаған ҳалда әмелге асырады, бунда сол жердеги сиясий партиялардың ўәкиллери, бақлаўшылар ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери де медициналық нықаптан пайдаланыўы және социаллық аралыққа әмел етиўи керек.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған